Усы жылдың 27-октябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаўлар өткериледи.
Ҳәзирги ўақытта барлық аймақларда депутатлыққа көрсетилген талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўлары өткерилмекте.
Усындай ушырасыўлардың гезектегиси Хожели районындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде де өткерилди.
Ушырасыўда мектеп муғаллимлери, аймақ турғынлары, ҳаял-қызлар, мәҳәлле белсендилери қатнасты.
Онда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Тәжибай Романов партияның сайлаўалды бағдарламасы ҳәм алға қойылған ўазыйпалар, усыныслар туўралы сайлаўшыларға кең түрде мағлыўматлар берип өтти.
Атап өтилгениндей, партия экономикалық тараўды миллий қәдириятлар арқалы раўажландырыў, сондай-ақ, тарийхый-мәдений мийрасымызды, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди сақлаўды мақсет еткен.
Ушырасыў даўамында қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги