Кегейли районының халқына сапалы медициналық хызмет кɵрсетиў ҳәм балалардың денсаўлығын сақлаўға жақыннан жәрдемлесиў мақсетинде, «Доктор қыз» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тийкарында шɵлкемлестирилген «Жәҳән» клиникасының ашылыў салтанаты болып ɵтти.

Мәресимге район ҳәкими Айбек Камалов қатнасып, районда жеке меншик кәрханалардың кɵбейиўи сапалы хызмет кɵрсетиўди тәмийинлеп ғана қоймастан, экономикамыздың ɵсиўине де салмақлы үлесин қосатуғынлығын атап ɵтти.

-Бизиң жаңа клиникамыз районымызда жасаўшы балалардың саламатлығын қорғаўға қәнигелескен болып, онда жас әўладтың емлениўи ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратылған,-дейди  41 жыллық мийнет стажына ийе, тәжирийбели балалар шыпакери Оразгүл Нызаматдинова.

Илажда клиника алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, қатнасыўшылар клиникада жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы