Ташкент қаласындағы «Юнусобод» спорт комплексинде дзюдо бойынша әскерий хызметкерлер арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
Өз тарийхында 42-мәрте өткерилип атырған бул дүнья бириншилигинде Өзбекстан сайланды командасы ағзалары бүгинги күнге шекем 5 алтын, 5 гүмис ҳәм 3 қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Атап айтқанда, -52 кг салмақта Гулҳаё Жўраева, -73 кг да Шаҳрам Аҳадов, -81 кг да Ҳикматиллоҳ Тўраев , -100 кг да Рустам Шораҳматов, +100 кг да Шоҳруҳ Бахтиёровлар жәҳән чемпионы болыўға еристи.
Сондай-ақ, -48 кг салмақта Ҳалимажон Қурбонова, -63 кг да Нигина Сапарбаева, -66 кг да Абдураҳим Нутфуллаев, -81 кг да Мусо Собиров ҳәм +78 салмақта Ирисхон Қурбонбоева гүмис, -48 кг да Лазиза Ҳайдарова, -57 кг да қарақалпақстанлы Нилуфар Ермағанбетова ҳәм -60 кг да Баҳром Ботуровлар қола медалын жеңип алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы