Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында быйылғы жылы экономикада күтилип атырған нәтийжелер ҳәм 2025-жыл ушын мөлшерленген тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлерди додалаў бойынша мәжилис болып өтти.

Дүньядағы қыйын жағдайға қарамастан, ишки имканиятларды иске қосыў есабынан, өткен 9 айда мәмлекетимиздиң экономикасы 6,6 процентке, санаат 7 процентке артты. Жылдың ақырына шекем кеминде 6 процентке өсиў күтилмекте.

Алтын-валюта резерви быйыл биринши мәрте 40 миллиард доллардан асты. Халықтың миллий валютадағы депозитлери 50 процентке өсти.

Дүньяның абырайлы рейтинг агентликлери де Өзбекстанның рейтинги турақлы сақланып қалып атырғанын унамлы баҳаламақта. Сыртқы инвесторлардың исеними артқаны себепли халықаралық базарларда 4 миллиард долларлық евробонд жайластырылды.

Булардың нәтийжесинде усы жылы инвестициялардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 33 проценттен артады. Экспорт дерлик 19 процент өсиўи күтилмекте.

Улыўма, Халықаралық валюта қоры, Жәҳән банки ҳәм Азия раўажланыў банки жедел инвестициялық сиясат ҳәм реформалар есабынан Өзбекстанда келешекте де турақлы экономикалық өсиў сақланып қалатуғынын тастыйықламақта.

Соның менен бирге, дүнья базарларында бәсеки күшейип, шийки зат баҳалары тез-тезден өзгерип атырған ҳәзирги шараятта санаат ҳәм экспортта жоқары қосымша қунлы өнимлерди көбейтиў шәрт екенлиги атап өтилди. Усы көзқарастан, жуўапкерлерге ҳәр бир тармақ кесиминде қосымша қун шынжыры ҳәм мийнет өнимдарлығын арттырыў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Бул бағдарда мәжилисте экономика ҳәм инвестиция тараўындағы тийкарғы ўазыйпалар додаланды.

Тийкарғы салық ставкалары өзгериссиз қалып атырған жағдайда бюджет дәраматларын көбейтиўдиң бирден-бир жолы – салық ҳәкимшилигин жетилистириў екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул исбилерменлердиң жумысына араласыў арқалы емес, ал санластырыў, жасалма интеллект ҳәм жасырын экономиканы «сая»дан шығарыў есабынан болыўы керек екенлигин атап өтти.

Халықаралық қаржы шөлкемлери ҳәм басқа бирге ислесиўшилерден тартылған жеңиллетилген қаржылардың нәтийжелилиги мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Мәжилисте 2025-жылға мөлшерленген экономикалық режелер де көрип шығылды.

Келеси жылы жалпы ишки өнимниң өсиўин сақлап қалыў ушын барлық имканият бар екенлиги атап өтилди. Оның ушын режелестирилген жойбарларды өз ўақтында иске қосыў, транспорт-логистика, мәлимлеме технологиялары, агро ҳәм қаржы хызметлерин раўажландырыў талап етиледи.

Жеңилликлердиң нәтийжелилигин көрип шығыў ҳәм жасырын экономиканы қысқартыў бойынша тапсырмалар берилди.

Жаратылған имканиятлар есабынан келеси жылы 78 район бюджет қәрежетин өзи қаплаўға өткериледи. Оның ушын жер, мүлк ҳәм айланыс салығы толық, дәрамат салығының 50 проценти олардың өзинде қалдырылады.

Социаллық мәмлекет принципинен келип шығып, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаўға ажыратылып атырған қаржыларды 20 процентке көбейтиў нәзерде тутылмақта.

Мәжилисте билдирилген пикирлер тийкарында 2025-жылғы Мәмлекетлик бюджет жойбарының тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.

Нызамшылыққа муўапық, бул жойбар ҳәм оның орынланыўын тәмийинлеў илажлары жергиликли Кеңеслерде додаланады ҳәм соңында Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизиледи.

ӨзА