Хожели районлық Қәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминде “Жаслар айлығы” шеңберинде “Мийнет ярмаркасы” шөлкемлестирилди. Илажға район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажға жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 30 мәкеме-кәрхана ҳәм шөлкемлер өзлериндеги жәми 142 бос жумыс орынларыменен қатнасты. Нәтийжеде 30 дан аслам пуқараға жумысқа жайласыў ушын жолламалар, 3 ҳаял-қызға субсидия тийкарында әсбап-үскенелер берилип, кәсипке оқыў тилегин билдиргенлер тийисли оқыў орынларына қамтып алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги