Усы жылдың 24-июнь күни Ташкентте Өзбекстан – Япония аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санаатын раўажландырыў форумы ҳәм Япон аспазлық көргизбеси болып өтеди.

Еки мәмлекеттиң бир қатар шөлкемлериниң басшылығында өткерилетуғын бул форумда тәреплер аўыл хожалығы тараўында исбилерменлик ҳәм экспорт бойынша бирге ислесиўди және де кеңейтиў имканиятлары ҳәм Японияның Өзбекстандағы инновациялық потенциалы ҳәм оның илимий жетискенликлери ҳаққында сөз етеди.

Сондай-ақ, онда Япония компанияларының алдынғы тәжирийбеси ҳәм «ноу-хау»лары ҳәм жаңа перспективалары усынылады.

«Япония – Өзбекстан Жипек жолы» фондының хабар бериўинше, Япон аспазлық көргизбеси де қатнасыўшылардың итибарындағы презентациясына айланады. Онда Япония асханасының қәнигелери гүриш сортларынан таярланған япон тағамлары, жоқары сапалы балық өнимлери, япон шайының дүнья жүзине белгили сортлары ҳәм кондитер өнимлерин таныстырады.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА