Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламасын қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў процесслерин нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған қосымшалар киргизиў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2024-жыл 29-январьда қурылыс, турақ жай ҳәм коммунал хожалық, транспорт, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарлары бойынша белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў, соныӊ менен бирге, қурылыс тараўында санластырыў процесслерин избе-из даўам етиў, орайластырылған дәреклердиӊ есабынан әмелге асырылатуғын жойбарларды қаржыландырыў системасын жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына төмендегилерди нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизиледи:

орайластырылған дәреклер есабынан орынланған қурылыс жумыслары бойынша жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиӊ есабатларын санластырыў ҳәм әмелге асырылған қәрежетлерди қаржыландырыў жетилистириледи;

келеси жылы Социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасы шеӊберинде әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша жойбар –излеў жумыслары, жойбар-смета ҳүжжетлерин көрип шығыў ҳәм мәмлекетлик экспертизадан өткериў менен байланыслы қәрежетлер быйылғы жылы қаржыландырылады.

ӨзА