Қарақалпақстан хабар агентлигиниң 70 жыллығы алдынан

Кишкенелигинен дипломат болыўды мақсет еткен Генжебай Тилеўовтың нийети әмелге аспады. Бирақ, ол өзиниң «дипломат»лығын соңын ала журналистика тараўында қолланып, республикамызға белгили журналист ҳәм шебер аўдармашы болып жетилисти.

1946-жылдың 29-октябрь күни Кегейли районының Халқабад елатында туўылған ол, 1960-жылы өз аўылындағы бурынғы Калинин атындағы жети жыллық мектепти тамамлағаннан соң, Нөкис қаласына келип ҳәзирги 3-4-санлы мектеплерде оқып билим алды.

Соңынан «дипломат» болыў нийети менен оқыўға тапсырмақшы болды. Бирақ, сол ўақыттағы бундай жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыўға болған айырым шеклеўлер себепли, Генжебай ағаның нийети әмелге аспай, әрманға айланып қалды.

Сонлықтан, ол өзиниң ҳүжжетлерин САКУдиң рус тили ҳәм әдебияты факультетине тапсырыўға мәжбүр болды. Лекин, бендениң айтқаны ҳәр дайым бола бермегениндей, оның да дийдилеген ойы бул рет иске аспады. Сол ушын ол Армия қатарында хызметке атланып, ол жерде өзиниң жигитлик миннетин атқарып қайтты.

-1969-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институтының рус тили әдебияты факультетине оқыўға кирип, оны 1975-жылы тамамладым,-дейди Генжебай аға сол жылларды еске алып.-Институтты питкергеннен соң арнаўлы жоллама менен Қанлыкөл районы Алтынкөл елатындағы орта мектепте өз қәнигелигим бойынша муғаллим болып жумыс иследим. Соң Нөкиске жумысқа шақырылып, «Қарақалпақстан китапқумарлар жәмийети»нде инструктор сыпатында хызмет еттим. Бир күнлери мени обкомның идеология бөлиминиң инструкторы Аман аға Әбдиразақов алдына шақырып, «Генжебай иним, ӨзТАГта ислейтуғын Жамал Қошетеров деген аўдармашы қартайып, мазасы болмай жүр. Соған шәкирт таярлаўымыз керек. Сонлықтан сизди ӨзТАГқа Жамал ағаның қасына жумысқа жиберемиз. Сол жумысқа барасаң»-деп тапсырма берди. Әне соннан баслап ӨзТАГқа (ҳәзирги Қарақалпақстан хабар агентлигине) фототехник сыпатында жумысқа алындым. Фототехник деген тек аты болмаса, мениң тийкарғы атқаратуғын ўазыйпам ТАССтан келетуғын русша сиясий материалларды қарақалпақ тилине аўдарыў болды. Бул жерде Жамал аға ҳәм Махмуд аға Идирисовлардан аўдарма мәселеси бойынша көп нәрселерди үйрендим. Буның ушын олардан мәңгиге миннетдарман.

Ол гезлери ӨзТАГтың Қарақалпақстан бөлими информация ҳәм аўдарма бөлиминен ибарат болып, оған М.Идирисов басшылық етти.

1978-жылдың 8-март күни елимиздиң әпсанаўий дилмашы Жамал Қошетеров бир жылға созылған аўыр кеселликтен соң қайтыс болды. Бул маған үлкен аўырманлық пенен бирге, терең жуўапкершилик те жүкледи ҳәм 1984-жылға шекем усы орында жумыс иследим.

1984-жылы устазымыз Шарап аға Уснатдиновтың мирәтине бола, ҳәзирги  «Еркин Қарақалпақстан» газетасына жумысқа шақырылдым ҳәм газетада еки жыл даўамында хызмет еттим.

1986-жылы Ш.Уснатдинов «Қарақалпақстан» баспасына директор етип тайынланғаннан соң , мени баспаға жумысқа шақырды. Ол жерде көркем әдебиятлар бөлиминде үлкен редактор болып жемисли жумыс иследим.

Генжебай Тилеўов 1991-1995-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сектор баслығы, 1995-2002-жыллары Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры, 2002-2004-жыллары «Устаз жолы» газетасында бас редактор болып  нәтийжели хызмет атқарды.

Соңынан «Еркин Қарақалпақстан» газетасында арнаўлы хабаршы болып, 2006-жылы мийнет дем алысына шықты.

-Сизлер қандай бахытлы заманда жасап, мийнет етип атырсыз,-дейди ол ақсақалға сәлем бериўге барғанда.-Баяғыдай районларда  қонып-жатып, материал жыйнап жүрмейсиз.Қәлеген ўақытта интернетти ашасызда өзиңизге керекли мағлыўматларды алып, телефон арқалы сол адам менен байланысып, фактлерди келтирип жаза бересиз. Оннан қала берсе, видео ҳәм аудио жазыўлар арқалы да мағлыўматларды толықтырсаңыз болады. Усындай да қайтадан жасарып, сизлерге араласып жумыс ислегим келип кетеди.

Генжебай аға менен сәўбетлесер екенбиз, сол дәўирдеги жыллар дизбеги кино лентасындай көз алдыңнан елес-елес өтеди. Оның кеўлиңдеги қуўнақлық болса, сизди жаңа басламаларға қарай умтылдырады.

Усындай өз кәсибиниң пидайысы болған Генжебай аға Тилеўов  ҳәзирги күнлери жеңгемиз бенен биргеликте, ақлықларына әдиўли ата-апа болып, оларға дурыс жол-жоба берип келмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы