Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 10-май күни былғары ҳәм жипек санаатын раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәмлекетимизде көплеген ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, тез пурсатта жумыс орны ҳәм экспортқа жарамлы өним жарататуғын, жоқары дәрамат келтиретуғын киши ҳәм орта кәрханалар да керек. Бул бағдарда ең үлкен имканият жергиликли санаат тармақларында.
Кейинги жыллары бул бағдарда исбилерменлик ушын кеңнен шараят жаратылды. Мәселен, былғарыға қәнигелескен 16 киши санаат зонасы шөлкемлестирилди. Жаңа жойбарлар ушын 40 миллион доллар арзан ресурс берилди.
Өткен жылы былғары санаатында өндирис көлеми дерлик 3 триллион сумға жетти. Бирақ, соның ярымы Әндижан ҳәм Ферғана ўәлаятларына туўра келген.Тери шийки заты көп болған Қарақалпақстан, Бухара, Жиззақ, Сурхандәрья ҳәм Хорезмде бул көрсеткиш төмен.
Тармақ экспортында дәслепки өнимниң орны жоқары, таяр өнимниң үлеси дерлик 30 процент әтирапында. Терини қайта ислеў дәрежеси де жетерли емес. Онда шарўашылық кластерлеринен толық пайдаланылмай атыр.
Сол себепли енди «Өзбылғарысанаат» ассоциациясының жумысы өзгертилип, бул тармаққа Халық банки бириктириледи. Ўәлаят ҳәкимлери менен биргеликте, былғарыға қәнигелестирилген киши санаат зоналарында 100 миллион доллар муғдарында жойбарлар қәлиплестириледи.
Сондай-ақ, Шараф Рашидов ҳәм Ахангаран районларында былғары кластерлери шөлкемлестириледи. Оларда суў тазалаў имараты ҳәм имарат қурыў ушын 40 миллион доллар арзан ресурс қаратылады. Жойбарларға тәбийғый ҳәм жасалма былғарыдан өним шығарыўшы сырт елли брендлер тартылады. Буның ушын сорсинг компанияларына жумсалған кәрхана қәрежетиниң 30 мың долларға шекемги бөлегин қаплап бериў жолға қойылады.
Шарўашылық кластерлерине от-жемлик егин ушын жер ҳәм нәсилли қарамал ушын да процентли кредитлер ажыратылады.
Мәжилисте пиллешилик тармағы да ҳәр тәреплеме талланды.
Кейинги жылларда бул бағдарда да кластер системасы енгизилди. Соның ишинде, 74 пилле-жипекшилик кластери ҳәм 11 туқымгершилик кәрханасы шөлкемлестирилди. Тут майданлары 40 мың гектардан 55 мың гектарға кеңейди. Булардың нәтийжесинде пилле жетистириў көлеми 2,5 есеге артып, 26 мың тоннаға жетти, жипек өниминиң экспорты 3 есеге көбейди.
Бирақ, наўқан қуртын тәрбиялаў, кеселликтен сақлаў агротехникасы жетерли дәрежеде раўажланбаған. Ақыбетинде пилле алыўда шығын көп.
Тийкарғы экспорт елеге шекем шийки зат болып қалып атыр. Сол себепли пиллени терең қайта ислеў ҳәм таяр өнимниң көлемин, таўар ҳәм үй текстили қуўатлылықларын көбейтиў зәрүр екени атап өтилди. Бул арқалы дүнья жүзинде жипек өнимлери импортының 45 проценти туўра келип атырған Европа базарынан орын алыў керек.
Пиллешиликте ең әҳмийетли мәселе – от-жем. Буның ушын жаңа сортлы өнимдарлы тут егиўди кеңейтиў зәрүр. Сондай-ақ, пахта майданларының шетине бир-еки қатардан тут егилсе, қосымша от-жем дәреги жаратылады.
Ҳәкимлерге жаңа тутзарлар жаратыў ушын 105 мың гектар жер ажыратыў тапсырылды. Бул жерлер лотларға бөлинип, аукцион арқалы халыққа бериледи, аукционда жердиң басланғыш баҳасы 10 процент етип белгиленеди. Бәнт болмаған халық, соның ишинде, ҳаял-қызлар моно орайлар ҳәм пиллешилик кластерлеринде қысқа курсларда оқытылады.
Усы ўақытқа шекем пиллениң сатып алыў баҳасының төмен болғаны ушын адамларда мәпдарлық төмен еди. Президентимиздиң күни кеше қол қойылған пиллешиликти раўажландырыўға байланыслы пәрманына бола, пиллениң сатып алыў баҳасы 25 процентке арттырылды. Пиллекешлер дәрамат ҳәм социаллық салықлардан азат етилди, тутзарлар ушын жер салығының 10 проценти төленетуғын болды.
Тармақта нәтийжелиликти арттырыўдың және бир жолы – альтернатив усылларын қолланыў. Мәселен, Қытайда кенегүнжи қуртын тәрбиялап, пилле алыў кеңнен жолға қойылған. Бул жаңа бағдарды өзимиздиң климат шараятымызға бейимлестирип, енгизиў мүмкин.
Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигине кенегүнжи өсимлиги ҳәм қуртының туқымларын алып келип, Пиллешилик институтында сынақтан өткериў тапсырылды.
Ҳәкимлер ҳәм тараў жуўапкерлерине пилле мәўсимин сапалы шөлкемлестириў бойынша бир қатар тапсырмалар берилди.
Халықтың бәнтлиги ҳәм жергиликли санаатта гилем ислеп шығарыўдың да орны бар. Өткен жылы бундай кәрханаларға орайласқан ҳалда полипропилен алып келиў жолға қойылғаны өз нәтийжесин берди. Бул тәжирийбе даўам еттирилип, қаржы еки есеге көбейтилиўи, валюта түсимине шекемги ўақыт есапқа алынып, исбилерменлерге полипропилен 1 жылға шекемги мүддетке берилетуғыны айтылды.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы бул санаат тармақларындағы исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлести. Олардың машқалалары ҳәм усыныслары тийкарында жуўапкерлерге Европа сертификатын алыўда исбилерменлерге жәрдемлесиў, сырт елли қәнигелерди тартыў, сырт елдеги саўда үйлеринде миллий былғары, гилем ҳәм жипек өнимлерин де жайластырыў, маман орта буўын хызметкерлерин таярлаў ҳәм басқа да мәселелер бойынша көрсетпелер берилди.
Күн тәртибиндеги екинши мәселе – Сайхунабад тәжирийбесиниң орынлардағы орынланыўына қаратылды.
Бул бағдардағы жумыслар нәтийжесинде апрель айының өзинде 365 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленген ҳәм исбилерменликке тартылған. Банклер өз қарыйдарларының машқалаларын шешип, 115 мың адамның жумыс пенен тәмийинлениўине шараят жаратқан. Мәҳәллелерде 70 мың микрожойбар әмелге асырылған. 465 мың гектар қыйтақ жерге егин егилген.
Бирақ айырым аймақларда немқурайдылықлар да бар. Мәселен, үйрениў өткерилген 7 районда онлаған қыйтақ жерлерде өним егилмеген.
Немқурайдылыққа жол қойылғаны ушын район дәрежесиндеги 382 жуўапкерлер жумыстан босатылғаны мәлим етилди.
Президентимиз бәнтлик ҳәм халықтың дәраматы мәселеси үлкен әҳмийетке ийе екенин және бир мәрте атап өтип, барлық дәрежедеги басшыларды ескертти.
Сайхунабад тәжирийбеси бағдарындағы жумысларды район ҳәм мәҳәлле кесиминде сапалы шөлкемлестириў, халыққа турақлы жумыс орны ҳәм дәрамат дәрегин жаратыў бойынша ўазыйпалар көрсетип өтилди.
Мәҳәллелердеги және бир әҳмийетли мәселе – тәртипли ҳәм қәўипсиз мийнет миграциясы.
Усы жылдың төрт айында 115 мың сырт елде жумыс ислеп атырған пуқаралар елимизге қайтып келген. Жылдың ақырына шекем және 250-300 мың қайтыўы күтилмекте. Оларды жумысқа жайластырыў, социаллық мәселелерге жәрдемлесиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Жуўапкерлерге миграция бойынша бирден-бир мәлимлеме платформасын жаратып, «мәҳәлле жетилиги» системасы менен интеграциялаў ўазыйпасы қойылды.
Додаланған ўазыйпалар бойынша тармақ ҳәм аймақлар басшыларының мәлимлемеси тыңланды.
ӨзА