Президент Шавкат Мирзиёев 10-май күни аўыл хожалығын климат өзгериўине бейимлестириў, жерлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм тараўды илимий раўажландырыўға қаратылған усыныслардыӊ презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимизде 3 миллион гектар жайлаў ҳәм егислик  жерлер деградацияға ушыраған, 2 миллион гектарға шамаласы түрли дәрежеде шорланған. Сырт елли экспертлер климат өзгериўи себепли 2030-жылға барып, регионымызда суў ресурслары шама менен 6 процентке қысқарғаны айтылмақта. Буныӊ илажларын ҳәзирден көриў зәрүр.

Соныӊ ушын аўыл хожалығында климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм тараўдыӊ климатқа унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша 52 статьядан ибарат миллий бағдарлама ислеп шығылды. Бағдарлама шеӊбериндеги илажларға 294 миллион доллардан аслам грант қаржыларын тартыў нәзерде тутылған.

Атап айтқанда, Аралбойында 1 миллион гектардағы агроэкологиялық ландшафтлар ҳәм деградацияға ушыраған жайлаўлардыӊ жағдайы жақсыланды. Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында қорғаў тоғайлары қурылады. Суў тәмийнаты аўыр жерлерде боян, шиповник, гүнжи, артемия жетистириў жолға қойылады.

Климат өзгериўин таллаў ҳәм болжаўға байланыслы орай дүзилип, 5 ўәлаятта агрометеорологиялық станциялар орнатылады. Сондай-ақ, Италия менен биргеликте Интенсив туқымгершилик ҳәм нәлшилик халықаралық орайы, шорға ҳәм суўсызлықа шыдамлы егинлер бойынша туқымгершилик хожалығы шөлкемлестириледи.

Суўды үнемлеў мәселеси, әсиресе, Әмиўдәрьяныӊ төменги регионында әҳмийетли. Соныӊ ушын, және бир ҳүжжетке бола, Қарақалпақстанда жерди лазерли тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў режелестирилмекте. Яғный, пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўшилерге лазерли тегисленген ҳәр бир гектар майданға жумсалған жанар май- майлаў материалларыныӊ қәрежети 100 процентке шекемги бөлегин қаплаў ушын Мәмлекетлик бюджеттен субсидия бериледи.

Биринши басқышта бул Төрткүл, Беруний ҳәм Әмиўдәрья районларында әмелге асырылады. Бундай майданларда өнимдарлық орташа 5-7 центнерге көбейеди ҳәм суў жумсаў 15-20 процентке үнемленеди.

Академик М.Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институтыныӊ жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў режелери де билдирилди.

Атап айтқанда, институттыӊ Бандихон илимий-тәжирийбе станциясындағы 142 гектар жер қайтадан пайдаланыўға киргизиледи. 300 гектар майданда суўды үнемлейтуғын заманагөй технологиялар орнатылып, экспортқа қолайлы мийўе ҳәм жүзим бағлары қурылады.

Қизилтепа районындағы Наўайы илимий-тәжирийбе станциясында жүзим нәлшилиги бойынша тәжирийбе хожалығы шөлкемлестирилип, Франция ҳәм басқа мәмлекетлердиӊ экспортқа қолайлы сортларыныӊ нәли алып келинеди. Ҳәр еки станцияда суў тәмийнатын жақсылаў ушын энергия үнемлеўши насос агрегаты ҳәм трансформатор орнатылады.

Аўыл хожалығы өнимлериниӊ үзликсизлигинде ыссыханалардыӊ айрықша орны бар. Соӊғы жыллары олардыӊ майданы 2,6 есеге, өним жетистириў көлеми 3 еседен көбирек артқан. Усы тармақта 80 мыӊ халық турақлы ҳәм 80 мыӊы мәўсимлик жумыс пенен бәнт.

Ыссыхана хожалықларыныӊ нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде сырт елден маман агроном, этномолог ҳәм лаборатория қәнигелерин тартыў қәрежетлериниӊ 50 процентин, көмир қазанын сатып алыў қәрежетлериниӊ 20 процентине шекемги бөлегин қаплаў усыныс етилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы бәрқулла тараўды илимий раўажландырыў талабын қояды. Усы мақсетте Талшықлы егинлер илимий-изертлеў иститутыныӊ жумысын шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

Институтта жаӊа бағдардағы талшықлы егинлер бойынша изертлеў жумыслары жолға қойылады. Тармақта илимий нәтийжелерге тийкарланған жаӊа технологиялар, әсбап-үскенелер енгизиледи. Илим ҳәм өндириснәтийжели байланысып, пахта-тоқымашылық кәрханаларыныӊ рентабеллиги артады. Пахта, кенеп ҳәм зығыр шийки затларынан алынатуғын өнимлердиӊ халықаралық стандарт талапларына сәйкеслиги тәмийинленеди.

Президентимиз бул усынысларды жетилистирип, мәнзиллилиги ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА