Президент Шавкат Мирзиёевқа сырт елли шериклер менен инвестициялық бирге ислесиў бойынша ерисилген келисимлердиӊ орынланыў барысы ҳәм келешектеги режелер бойынша есабат берилди.
Россия, Қытай, Қатар, Саудия Арабстаны ҳәм басқа мәмлекетлер менен биргеликте әмелге асырылып атырған кооперация жойбарлары ҳәм инвестициялық бағдарламаларға айрықша итибар қаратылды.
Бизге белгили, 22-24-апрель күнлери Ташкент қаласында “Иннопром. Орайлық Азия” халықаралық санаат көргизбеси болып өтти. Бул илаж Россия Федерациясы менен нәтийжели саўда-экономикалық бирге ислесиўге жарқын мысал болып табылады.
2023-жыл жуўмағында мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў дерлик 10 миллиард долларға жетти.
Бул көрсеткишти 2030-жылға шекем еки есеге көбейтиў мақсет етилген. Өзбекстанда 3 мыӊнан аслам биргеликтеги кәрхана табыслы жумыс алып бармақта. 2023-жылы 700 ден аслам жаӊа кәрхана шөлкемлестирилди. Өткен жылы Россияныӊ 3 миллиард долларға шамалас инвестициялары өзлестирилген болса, усы жылы бул көрсеткиш 5 миллиард доллар болыўы күтилмекте.
Улыўма, “Иннопром” шеӊберинде 4 миллиард долларлық келисимлер топламына қол қойылды.
2-3-май күни болса дүньяныӊ 93 мәмлекетинен 2,5 мыӊ мийманныӊ қатнасыўында Ташкент халықаралық инвестиция форумы болып өтти. Оныӊ шеӊберинде өткен исбилерменлик илажларыныӊ жуўмағында улыўмалық баҳасы 26,6 миллиард долларлық инвестиция келисимлери ҳәм экспорт шәртнамаларына қол қойылды.
Олардыӊ арасында қурылыс, “жасыл” энергетика, таў-кән санааты, инфраструктура, азық-аўқат, тоқымашылық санааты ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўындағы ири жойбарлар бар.
Форум нәтийжелери бойынша сырт елли бирге ислесиўшилер менен қол қойылған инвестициялық ҳәм саўда келисимлерин әмелге асырыў бағдарында “жол картасы” ислеп шығылды. Онда барлық басқышлар, мүддетлер ҳәм жуўапкерлер анық белгиленди. Сондай-ақ, форумда ҳәм Президент жанындағы Сырт ел инвесторлары кеӊеси мәжилисинде сырт ел инвесторлары тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм басламаларды енгизиўге байланыслы “жол картасы” ислеп шығылған.
Мәмлекетимиз басшысы есабатты тыӊлап, “жол карта”ларыныӊ барлық бәнтлери өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўы үстинен қатаӊ қадағалаў орнатыў, инвесторлар менен турақлы байланыс орнатып, олар ушын максимал дәрежеде қолайлы шараятлар жаратыў, жойбарларды әмелге асырыў процесинде жүзеге келиўи мүмкин болған мәселелерди системалы шешип барыўды тапсырды.
Жуўапкерлерге төртинши Ташкент халықаралық инвестиция форумына тарялықты ҳәзирден баслаў, экономиканыӊ әҳмийетли тармақларында перспективалы жойбарлар топламын қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА