Президент басшылығында жергиликли санаат тармақларындағы ишки имканиятларды мобилизациялаў арқалы халықты жумыслы ҳәм дәраматлы етиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.

Мәжилисте пилле алыўдың альтернатив усылларын жолға қойыў керек екени көрсетип өтилди.

Мәселен, Қытайда кенегүнжи қуртын тәрбиялап, пилле алыў кеңнен жолға қойылған.

Бул жаңа бағдарды өзимиздиң климат шараятымыздан келип шығып енгизиў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигине кенегүнжи өсимлиги ҳәм қуртының туқымларын алып келип, Пиллешилик институтында сынақ жумысларын баслаў тапсырылды.

Улыўма етип айтқанда, ҳәкимлер ҳәм тараў жуўапкерлерине пилле мәўсимин сапалы шөлкемлестирип, өнимди ысырап етпестен жыйнап алыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар тапсырмалар берилди.

ӨзА