Президенттиӊ басшылығында өткерилип атырған мәжилисте тараўға наўқан  қуртын тәрбиялаў, кеселликтен сақлаў агротехикасы ҳәм инновациялары кирип келмегени есабынан туқымнан пилле алыўда шығынтыўлар сақланып қалып атырғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, дүньяда пилле өними импортыныӊ 45 проценти туўра келип атырған Европа базарына шығыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Экспортқа пилледен таяр өнимниӊ үлесин, атап айтқанда, пиллени тереӊ қайта ислеп, таяр жипек өнимлери, материал ҳәм үй текстилин ислеп шығаратуғын қуўатлықларды көбейтиў зәрүр.

Пиллешилик ушын азықлық базасы болған тут атызларында жаӊа сортлы өнимли тут егиўди көбейтиў әҳмийетли. Бизлердеги 1 миллион гектарға шамалас пахта майданынан бир-еки қатар тут егилсе, 50-60 мыӊ тонна азықлық резервин қәлиплестириў мүмкин.

ӨзА