Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген уллы жеӊистиӊ 79 жыллығына бағышланған мәресимде қатнасты.
Жаӊа Өзбекстанда “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли принцип барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалардыӊ бас идеясын қурайды.
Булар Екинши жер жүзилик урыс жылларында Ўатан ҳәм халық азатлығы жолында мәртлик ҳәм батырлықтыӊ үлгисин көрсетип, урыс майданларында жанын пидә еткен ата-бабаларымыз, ғәрезсизлик жылларында халқымыздыӊ тынышлығы ҳәм парахатшылығын қорғаў ҳәм өзиниӊ хызмет ўазыйпасын орынлаў жолында қайтыс болған батыр әскерлеримиздиӊ естелигин мәнгилестириў, урыс жылларында үлкен қыйыншылықларды сабыр-тақат пенен жеӊип өткен, фронт артында пидайы мийнет еткен ветеранларымызға ғамхорлық ҳәм итибар көрсетиў бағдарындағы жумысларда да көзге тасланбақта.
Мәмлекетимиз басышысыныӊ басламасы менен Ташкент қаласында халқымыз мәртлигиниӊ жарқын символы ретинде қурылған Жеӊис парки естелик комплекси қысқа ўақыт ишинде қутлы зыярат орнына айланды.
Президент Шавкат Мирзиёев Жеӊис паркине барып, “Матонат мадҳияси” (“Мәртлик гимни”) естелигине гүллер қойды.
Бул комплекстеги ҳәр бир экспозиция, белги ҳәм жазыўлар қорқынышлы урыс ҳақыйқатларын сәўлелендиреди. “Матонат мадҳияси” (“Мәртлик гимни”) естелиги урыста өз баласынан, ярынан айрылған барлық ҳаяллардыӊ ҳүрметине орнатылған үлкен естелик болып табылады. парк бойлап таралып атырған муӊлы нама халқымыздыӊ жоғалтыўлары, қайтыс болған инсанлардыӊ тәғдирин еске салады.
–Бул сәнени бизлер ҳәм қуўаныш, ҳәм муӊ менен белгилеймиз. Урыстыӊ халқымыз басына салған аўыр күлпетлери, арадан сонша жыллар өтсе-де, умытылмайды. Сол ўақытта мәмлекетимиздиӊ халқы 6,5 миллион адам болған болса, соннан 1 миллион 950 мыӊнан асламы урыста қатнасқан. Олардыӊ 583 мыӊнан асламы қанлы саўашларда қайтыс болған, 158 мыӊнан көбиреги бийдәрек кеткени биз ушын ҳеш қашан орнын толтырып болмайтуғын аўыр жоғалтыў болып табылады. Соӊғы жыллары мине усындай естелик комплекслери ҳәм музейлер шөлкемлестирилип, усы ҳақыйқатты мөрлеп қойдық. Бул жумысларымыз, халқымыз, әсиресе, жасларымыздыӊ тәрбиясында үлкен әҳмийетке ийе, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бүгинги күни Жеӊис парки ўатанласларымыз, жаслар ушын өзине тән ўатан сүйиўшилик, тынышлық сүйиўшилик мектеби болып хызмет етпекте. Бул жерде “үш әўлад ушырасыўлары”, еслеў илажлары, тарийх сабақлары өткерилмекте. Усы күнге шекем комплекске 2 миллион 200 мыӊнан аслам адам келип, Екинши жер жүзилик урыста көп миллетли Өзбекстан халқы көрсеткен мәртлик ҳәм шыдамлылықтыӊ толық мағлыўматлары менен жақыннан танысқан.
Комплекс жәмәәти тәрепинен 50 ге шамалас китап-альбом ҳәм монографиялар жаратылғаны, алдын белгисиз болған жүзлеген тарийхый дәлилилер илмий айланысқа киргизилгени, 2 миллионға жақын урыс қатнасыўшыларыныӊ дизими қәлиплестирилгени, халықтыӊ мүрәжатлери бойынша бийдәрек кеткен жаўынгерлердиӊ тәғдирине байланыслы мағлыўматлар топланғанын айрықша атап өтиў керек.
Мәмлекетимизде еслеў мәресимлери, урыс ҳәм мийнет ветеранлары, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық-қорғаў уйымлары хызметкерлериниӊ естелигин улығлаўға қаратылған үлкен жумыслар турақлы түрде әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басышысыныӊ 2024-жыл 16-апрельде қабыл етилген “Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында”ғы пәрманы әне, усындай ҳүрмет ҳәм итибардыӊ және бир әмелий көриниси болып табылады. Усы пәрманға муўапық, урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына ақшалай сыйлық салтанатлы түрде тапсырылды.
Жалғыз жасап атырған урыс ҳәм мийнет ветеранлары, ғәрезсизлигимизди қорғаў жолында қайтыс болған әкерий хызметкерлердиӊ шаӊарақларыныӊ турақ жайлары оӊланып, абаданластырылмақта.
Илажда Өзбекстан Қураллы Күшлери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетилик шөлкемлердиӊ ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери ҳәм нуранийлери де қатнасып, “Матонат мадҳияси” (“Мәртлик гимни”) естелигине гүл қойды.
Пре6зидентимиздиӊ басламасы менен Жеӊис парки аймағында және бир комплекс – Ғәрезсизлик пидайылары қыябанын шөлкемлестириў режелестирилген. Сапар барысында усы комплестиӊ жойбары таныстырылды.
– Инсан естелигин ҳәм қәдирин улығлаў бағдарындағы жумысларымыздыӊ үзликсиз даўамы сыпатында Жеӊис парки қурамында мине, усы қыябанды қурсақ ҳәм оған Ғәрезсизлик пидайылары қыябаны, деп атама берсек, ойлайман, ел-журтымыз қәлбиндеги әрман-тилек ҳәм ийгиликли умтылысларды әмелге асырған боламыз, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан Республикасын, халқымыздыӊ әзиз естелигине ҳүрмет көрсетиў бәршемиз ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз болып табылады. Ўатанға пидайылық үлгисин көрсеткен, журт тынышлығы ҳәм келешеги ушын керек болғанда жанын қурбан еткен бул мәрт перзентлеримиздиӊ қаҳарманлығы халқымыз, жас әўладымыз ушын турақлы өрнек ҳәм үлги болып хызмет етеди.
Мәмлекетимиз ҳәм сырт елли қәнигелер менен биргеликте ҳәр тәреплеме пуқта ислеп шығылған бийтәкирар жойбарға бола, Ғәрезсизлик пидайылары қыябанында ана-журтымызға шөлкемлестирилген терроршылық топылысларына қарсы гүресте, сондай-ақ, өзиниӊ әскерий ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскер ҳәм офицерлердиӊ қутлы атлары, өшпес естелиги мәнгилестириледи.
Мәмлекетимиз басшысы комплекс идеясы ҳәм қурылысы бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.
Жүз жас пенен жүзлесип, турмыстыӊ барлық ашшы-душшысын көрген инсанлар ушын еӊ әҳмийетлиси денсаўлық. Соныӊ ушын олардыӊ саламатлығын беккемлеўге турақлы итибар қаратылмақта. Усы күнлери де бир топар урыс ветеранлары госпиталь ҳәм санаторийлерде емленбекте.
Усы күни Президент Шавкат Мирзиёев Қорғаныў министрлигиниӊ Орайлық әскерий клиник госпиталына барып, урыс қатнасыўшыларыныӊ ҳалынан хабар алды.
Өскен ата Хаджиманов Боёвут районынан, Файзулла ата Нурматов Аққўрғон районынан, Анарбой ата Жалилов Паркент райоынынан, Муҳиддин ата Дусанбаев Орта Шыршық районынан келип емленбекте. Олар турмысынан разы екени, мәмлекетимиздиӊ ҳәм адамлардыӊ ҳүрметинен қанаатланып атырғанын айтты. Саламатлықлары район медицина бирлеспелериниӊ турақлы қадағалыўында, бийпул дәри-дәрмақ ҳәм ҳәр жылы санаторийлерге жоллама бериледи.
Нуранийлер Президентимизге ақлық-шаўлықларыныӊ оқыў ҳәм жумыслары, жетискенликлери ҳаққында айтып берди. Олар билимлендириў, қурылыс, ишки ислер, аўыл хожалығы сыяқлы түрли тараўларда нәтийжели мийнет етип, мәмлекетимиздиӊ раўажланыўына үлес қоспақта. Жаслар заманагөй билим алып, сырт еллерге оқыўға кетпекте. Аталар оларды тынышлықтыӊ қәдирине жетиў, ўатан сүйиўшилик, мийнет сүйиўшиликке шақырып келеди.
– Барлық ҳәрекетлеримиз халқымызды разы етиў ушын, – деди Шавкат Мирзиёев. – Реформалардыӊ нәтийжеси еӊ төменге, ҳәр бир шаӊараққа кирип барыўын қәлеймиз. Режелеримиз де үлкен. Ҳәмме бирлессе, биргеликте ҳәрекет етсе, ойлаған нийетлеримизге тезирек жетисемиз. Сизлердей нуранийлердиӊ дуўалары бунда бизлерге жәрдем береди. Сизлердиӊ өмириӊиз шыдамлылық, мәртлик мектеби, гәплериӊиз болса жасларға үлги.
Аталар меҳир-итибар ушын мәмлекетимиз басшысына рахметлер айтты. Дүньяныӊ тынышлығы, жаслардыӊ жарқын келешегин сурап дуўалар етти.
Госпитальда Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына мүнәсип қаралмақта. Бул мәкеме толық оӊланып ҳәм жаӊа имаратлар қурылып, 2022-жылы пайдаланыўға тапсырылған еди. Госпиталь жәми 700 орынға мөлшерленген болып, бул жерде әскерий хызметкерлер, олардыӊ шаӊарақ ағзалары, тараў ветеранлары бийпул емленеди. Оныӊ ушын 286 түрли диагностикалық тексериў, 600 ден аслам операциялар жолға қойылған, 30 ға шамалас қәнигелескен бөлимлер шөлкемлестирилген.
ӨзА