Усы жыл 9-май күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы имаратының ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда республикамыз секторларының ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары қатнасты.
Оның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар қатарында әскерий тараўға да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Президентимиз тәрепинен әскерий хызметкерлерге ҳəм олардың шаңарақ ағзаларына қолайлы шараятлар жаратыў бойынша үлкен жумыслар алып барылмақта. Бул бағдарда Жоқарғы Кеңес Президиумының арнаўлы қарары тийкарында 6 миллиард сум қаржы ажыратылып, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының жаңа имараты қурып питкерилди. Әлбетте бул заманагөй жаңа имарат әскерий тараў хызметкерлерине ҳәм халқымызға еле узақ жыллар даўамында хызмет етеди.
Илажға Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги