Ҳүрметли кәсиплеслер!

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Бәринен бурын, Россия Федерациясы Президенти лаўазымына кирискени мүнәсибети менен ҳүрметли Владимир Владимирович Путинге жолланған қызғын қутылықлаўлар ҳәм жақсы тилеклерге қосыламан.

Сайлаўшылар жоқары белсендилик пенен қатнасқан бул сайлаўларда ерисилген исенимли жеңисиңиз көп миллетли Россия халқының Сизге болған жоқары исеними, Сиз алып барып атырған сиясат ҳәм мәмлекетти модернизациялаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли бағдарламаларды исенимли қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте көрсетти.

Сизге келешекте және де үлкен табыслар тилеймен.

Усы мәжилисте қатнасып атырған барлық кәсиплеслеримизди әҳмийетли сәне – фашизм үстинен ерисилген Уллы Жеңистиң 79 жыллығы ҳәм Евроазия экономикалық аўқамы шөлкемлестирилгениниң он жыллығы менен қутлықлайман.

Бүгин таңда Москваға ушыўдан алдын мен Екинши жер жүзилик урыста қатнасқан ветеранларымыз бенен ушырастым. Тилекке қарсы, олардың саны жылдан-жылға азайып бармақта. Олар сизлер арқалы урыс ҳәм фронт артында мийнет еткен барлық ветеранларға шын жүректен қутлықлаўларын, тилеклес халықларымызға тынышлық, абаданлық ҳәм гүллениў сорап, билдирген тилеклерин жеткериўди өтиниш етти.

Сизлерге үлкен қанаатланыўшылық пенен ветеранларымыздың өтинишин жеткеремен.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Ҳәзир ғана кәсиплеслеримниң шығып сөйлеген сөзлеринде дүньядағы бүгинги қурамалы жағдайға баҳа берилди, заманагөй қәўиплерди сапластырыў ушын бирге ислесиўди және де кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Жүзеге келген ҳәзирги шараятта мәмлекетлеримиздиң арасында саўда-экономикалық байланысларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, кооперация жойбарларын алға қойыў ҳәм өз-ара инвестициялардың өсиўи ушын шараят жаратыў биринши дәрежедеги ўазыйпа, деп есаплайман.

Өткен айда Ташкентте нәтийжели өткен дәстүрий “Иннопром” халықаралық көргизбеси бундай бирге ислесиўге жаркын мысал болып табылады. Көргизбеде мәмлекетлеримиздиң еки мыңнан аслам жетекши кәрханалары қатнасты, жаңа кооперация жойбарлары бойынша жүзлеген келисимлерге ерисилди.

Бүгинги күнде бул халықаралық форум Өзбекстанның Россия ҳәм Евроазия экономикалық аўқамына ағза басқа мәмлекетлер менен бизнес тараўындағы қарым-қатнасларды раўажландырыўда нәтийжели платформаға айланды. Биз усы байланыс майданында және де кеңейиў, қатнасыўшылардың санын көбейтиў, атап айтқанда, Куба, Иран, Египет, Бирлескен Араб Әмирликлери, Монголия, Вьетнам ҳәм Индонезия сыяқлы бирге ислесиўши мәмлекетлердиң компанияларын бул процесске тартыў нийетиндемиз.

Улыўма, Өзбекстанның Евроазия экономикалық аўқамында бақлаўшы статусындағы үш жыллық бирге ислесиўи дәўиринде өз-ара товар алмасыў көлеми 60 процентке көтерилди. Буған, бәринен бурын, санаат өнимлерин жеткерип бериўди көбейтиў есабынан ерисилди. Ҳәзирги ўақытта миллий валюталардағы есап-санақлардың үлеси көбейип бармақта.

Мыңнан аслам биргеликтеги кәрхана ҳәм жойбарлар иске қосылды. Жүк тасыў көлеми өспекте, турақлы авиақатнаўлардың саны еки есеге көбейди.

Евроазия экономикалық комиссиясы менен биргеликте жоқары дәрежедеги Жумысшы топардың үш мәжилиси өткерилди, Биргеликтеги бирге ислесиў режесиндеги илажлар толық әмелге асырылды.

Биз, сондай-ақ, саўда ҳәм жүк тасыўды санластырыў, электрон коммерция, климат өзгериўи тараўларындағы тармақларға байланыслы жойбар ҳәм бағдарламаларға да қосылдық.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Мәмлекетимиздиң Евроазия экономикалық аўқамы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдарлары ҳаққында қысқаша тоқтап өтиўге рухсат еткейсиз.

Бириншиден, Өзбекстан ЕАЭА ны раўажландырыўдың стратегиялық бағдарлары шеңберинде әмелий шерикликти кеңейтиў ҳәм тармақларда көп тәреплемели бирге ислесиў жойбарларын әмелге асырыўда және де жедел қатнасыўдан мәпдар.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Евроазия экономикалық комиссиясы арасында орта мүддеттеги перспективаға мөлшерленген Биргеликтеги илажлардың жаңа комплексли режесин таярлаўды усыныс етемиз.

Исенимим кәмил, бақлаўшы мәмлекетлердиң жойбарларда толық қатнасыўын тәртипке салатуғын механизмниң тезирек қабыл етилиўи бул ҳүжжетти нәтийжели әмелге асырыўға хызмет етеди.

Екиншиден, Евроазия экономикалық аўқамына ағза мәмлекетлер менен өз-ара саўда-сатықтағы тосқынлық ҳәм шеклеўлерди биргеликте сапластырыўға таяр екенимизди тастыйықлаймыз.

2009-жылы қабыл етилген Товарлар ислеп шығарылған мәмлекетти анықлаў қағыйдаларына Өзбекстанның қосылыў процеси басланды.

Бажыхана шегараларымыз арқалы алып өтилетуғын товар ҳәм транспорт қураллары ҳаққындағы мағлыўматлардың электрон алмасыўын жолға қойыў, санитария, фиосанитария ҳәм ветеранария қадағалаўы бағдарындағы мәлимлеме системаларын интеграциялаў, техикалық жақтан тәртипке салыў илажларын өз-ара сәйкеслендириў ҳәм электрон сертификатлаўды қолланыў режесин қабыл етиў арқалы усы бағдардағы анық әмелий қәдемлер болыўы мүмкин.

Үшиншиден, Қубла ҳәм Қубла-Шығыс Азия, Жақын Шығыс мәмлекетлериниң базарлары менен байланыстырыўшы “Арқа – Қубла” транспорт коридорын раўажландырыў бойынша тығыз қарым-қатнасты даўам еттириў әҳмийетли болып табылады.

Усы бағдарда транспорт уйымлары басшыларының Термиз қаласында апрель айында болып өткен Беларусь – Россия – Қазақстан – Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан мультимодал маршрутын раўажаландырыў бойынша биринши ушырасыўы нәтийжели болғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтемиз.

Мәмлекетлеримиз арасында транзитке байланыслы тәртип-принциплерди әпиўайыластырыў мақсетинде енгизилип атырған ЕАЭА бажыхана транзитиниң бирден-бир системасы менен Санлы бирге ислесиў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў тәрепдарымыз.

Төртиншиден, санаат кооперациясы тараўындағы жойбарлар ҳәм талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыўды локализациялаў бағдарламаларын келешекте де жедел қоллап-қуўатлаўды мақсет еткенбиз.

Усы бағдарда, мәмлекетлеримиз аймақларында биргеликте жаратылып атырған санаат зоналары ҳәм технопарклерде жаңа қуўатлықларды жайластырыўды нәзерде тутқан ҳалда, өз алдына “жол картасы”н ислеп шығыўды усыныс етемиз. Бундай жойбарларға бензинди кеңнен тартыў мәселелерин енгизиў Самарқандта болып өтетуғын Өзбекстан саўда-санаат палатасы ҳәм ЕАЭА Исбилерменлик кеңесиниң биринши ушырасыўында көрип шығыў мүмкин.

Буннан тысқары, Бирлеспе шеңберинде санаат кооперациясы бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша арнаўлы механизм имканиятларынан пайдаланыўдан да мәпдармыз.

Бесиншиден, төмендеги әҳмийетли бағдарларда жумысларды системалы жолға қойыў ҳәм Евроазия экономикалық аўкамы уйымлары менен бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүрлигин айрықша атап өтпекшимен.

– Евроазия Агроэкспрессин раўажландырыў, “жасыл” ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, биргеликтеги агросанаат кластерлери ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў;

– Климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў мәселелеринде улыўмалық көзқарасларды ислеп шығыў ҳәм тығыз бирге ислесиў. Онда тийисли Жумысшы топардың гезектеги мәжилислеринен бирин Өзбекстанда өткериўди усыныс етемиз;

– Мәмлекетлеримизде мийнет мигрантларының жумысы ушын санлы платформаларға жалғанған ҳалда, қолайлы шараят ҳәм социаллық кепилликлерди қәлиплестириў;

– Саяхатшылар алмасыўын кескин арттырыўға қаратылган биргеликтеги туристлик бағдарлама ҳәм өнимлерди ислеп шығарыў.

Усы бағдарлардың барлығы бирге ислесиўдың орта мүддеттеги перспективасына мөлшерленген жаңа Режесинде өз көринисин табыўы мүмкин, деп есаплайман.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Сөзимниң жуўмағында Россия Федерациясы Президенти ҳүрметли Владимир Владимирович Путинга дәстүрий дослық ҳәм жыллы қабыл еткени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Исенимим кәмил, усы ушырасыўымыздың нәтийжелери өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етеди, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың арасындағы дослық ҳәм шерикликти беккемлеў жолында және бир әмелий қәдем болады.

Итибарыңыз ушын рахмет.

ӨзА