Өзбекстанлы ФИФА рефериси Равшан Эрматов ЖЧ-2018 топарлық басқышының 3-турынан орын алған Сербия – Бразилия ойынына тайынланды.

Tribuna.uz сайтының хабар бериўинше, 27-июнь күни өткерилетуғын ойында Эрматов төртинши төреши сыпатында жумыс алып барады. Бас төреши сыпатында иранлы Алириза Фаганий тайынланған.

 

ЖЧ-2018, «Е» топары

27-июнь

Сербия – Бразилия

Бас төреши: Алириза Фаганий (Иран)

Ассистентлер: Муҳаммед Мансурий (Иран), Риза Сухандан (Иран)

4-төреши: Равшан Эрматов (Өзбекстан)

Инспектор: Анур Хумайла (Тунис)

 

Соны айтып өтиў орынлы, Равшан Эрматов үшинши жәҳән чемпионатында қатнаспақта. Ол Қубла Африкада өткерилген ЖЧ-2010 ҳәм Бразилияда өткерилген ЖЧ-2014 жарысларында қатнасып, усы күнге шекем жәми 11 ойынды басқарып, дүньялық рекорд орнатқан.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.