Президент Шавкат Мирзиёев 3-май күни социаллық хызметлер системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы усыныслар презентациясы менен танысты.

Жаңаланған Конституциямызда Өзбекстан социаллық мәмлекет деп белгиленип, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, ҳәр бир инсан ушын теңдей шараятлар жаратыў кепилленген. Усы мақсетте майыплығы болған шахслардың мийнетин хошаметлеў, күш көрсетиў ҳәм зорлыққа ушырағанларға социаллық хызметлер көрсетиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылмақта.

Бүгинги күнде тек ғана бирден-бир шөлкемлестириўшиси майыплық бирлеспеси болған кәрханалардың өнимлери мәмлекетлик буйыртпа бойынша тиккелей шәртнамалар тийкарында сатып алынады.

Соның менен бирге, елимизде жумысшыларының 50 проценти майыплығы болған шахслардан ибарат 669 кәрхана ҳәм 8 мың 300 жеке тәртиптеги исбилермен бар. 1-2-май күнлери пайтахтымызда өткерилген «Инсан ушын» атамасындағы көргизбеде олардың өнимлери көрсетилип, 360 миллиард сум муғдарында шәртнамаларға қол қойылды.

Бул бағдарда халыққа кең имканият жаратыў мақсетинде хызметкерлер санының кеминде 50 проценти майыплығы бар шахслардан ибарат болған барлық шөлкемлер ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлердиң өнимлерин мәмлекетлик буйыртпа бойынша тиккелей шәртнама тийкарында сатып алыўға рухсат бериў усыныс етилмекте. Буның нәтийжесинде 3 мыңға шамалас исбилерменлер тәрепинен қосымша 20 мыңға шамалас майыплығы болған шахсларды жумыс пенен тәмийинлеў имканияты жаратылады.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мәлим етиўинше, жәмийетте ҳәр үш ҳаялдан бири күш көрсетиўдиң белгили түрине ушырамақта. Соның ушын раўажланған мәмлекетлерде бундай шахсларға оператив психологиялық, медициналық ҳәм ҳуқықый жәрдем көрсетиў жолға қойылған.

Елимизде күш көрсетиў ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларға мәҳәлле дәрежесинде көрсетилетуғын хызметлер жоқ. Район дәрәжесиндеги әмелий жәрдемниң сапасы да жоқары емес.

Сол себепли зорлық жағдайларында социаллық хызметлер көрсетиўдиң 3 басқышлы жаңа системасын енгизиў усыныс етилмекте. Оған бола, мәҳәлле дәрежесинде социаллық хызметкер, профилактика инспекторы ҳәм ҳаял-қызлар белсендиси тәрепинен күш көрсетиў жағдайы үйренилип, турақлы бақлап барылады. Район көлеминде «Инсан» орайларында көрғаў ордери талап етилмей психологиялық, ҳуқықый ҳәм басқа да түрдеги социаллық хызметлер көрсетиледи. Емлеўханалардың қыстаўлы бөлимлеринде басланғыш жәрдем ханалары шөлкемлестириледи.

Ўәлаят дәрежесинде реабилитация орайларында арза талап етпеген ҳалда социаллық хызметлер көрсетиў шәртнамасына муўапық 6 айға шекем баспана ҳәм терең реабилитациялаў ушын психологиялық ҳәм ҳуқықый хызметлер көрсетиледи.

Буннан тысқары, билимлендириў ҳәм мийнет қатнасықларында күш көрсетиўдиң алдын алыў илажлары да көриледи. Онда қорғаў ордерин бериў менен бир ўақытта күш көрсетиўди дүзетиў бағдарламасы ислеп шығылады ҳәм «Инсан» орайы менен келискен ҳалда әмелге асырылады. Ишки ислер уймылары тәрепинен күш көрсетиўшилердиң реестрин жүргизиў тәртиби енгизиледи.

Зорлыққа ушыраған шахсларға социаллық хызметлер стандарты ислеп шығылады. Бул тараўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер раўажландырылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, оларды мәнзилли жолға қойыў, ҳәр бир ҳаял ушын мүнәсип турмыс ҳәм мийнет шараятларын жаратыў бойынша қосымша көрсетпелер берди.

ӨзА