Пайтахтымыздағы республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде 2004–2005-жыллары туўылған қызлар арасында баскетбол бойынша Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги, Қарақалпақстан баскетбол федерациясы тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген жарысқа 10 команда қатнасты.
Жарыс жуўмағында «Нөкис-1» командасы биринши, Тақыятас районы командасы екинши, Нөкис районы командасы үшинши орынды ийеледи. «Нөкис-1» командасынан Райхана Изентаева жарыстың ең жақсы ойыншысы деп табылды.
-Жарысты өткериўдеги мақсет, усы жылдың август айында болып өтетуғын Өзбекстан чемпионатына қатнасатуғын республикамыз сайланды командасының қурамына ойыншыларды таңлап алыўдан ибарат,-дейди республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң инструктор-методисти Қәўендер Қайпов.-Ҳәр бир команда қурамында бундай ойыншылар бар екенлигин көрсетти.
Усындай жарыс 2004-2005-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында да болып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.