Өзбекстан Республикасы Президенти «Пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.
Ҳүжжет тийкарында белгилениўинше, 2018-жылдың 1-июль күнинен баслап:
– неке шәртнамасын ҳәм алимент төлеў ҳаққындағы келисимди нотариал тастыйықлаў;
– судлар тәрепинен аталықты тән алыў (белгилеў), баланың анадан туўылғаны, сондай-ақ, туўылған ўақты фактлерин анықлаў ҳаққындағы арзаларды көрип шыққаны ушын мәмлекетлик бажы өндирилиўи бийкар етиледи, деп жазады Kun.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги