Пайтахтымыздағы «Туран» стадионында футбол, 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Кеўилли стартлар» бойынша имканияты шекленген балалар арасында жарыс болып өтти.

«Қарақалпақстанда футбол ҳәптелиги» шеңберинде «Спорт ҳәмме ушын» ҳәм «Ҳәммеге саламатлық» сүренлери астында өткерилген жарысларға  Хожели районындағы 3-санлы республикалық арнаўлы мектеп-интернаты ҳәм 6-санлы мектеп-интернаты, Нөкис қаласындағы 10-санлы көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернаты оқыўшылары, үй шараятында тәрбияланып атырған балалар қатнасты.  

Жарыстың ашылыў салтанаты ҳақыйқый байрамға айланып кетти. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының, Арнаўлы Олимпиаданың гимнлери жаңлады. Республикамыздың жас эстрада қосықшыларының рәңбәрең концерт бағдарламасы, Гимнастика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби тәрбияланыўшыларының көргизбели шығыўлары қатнасыўшыларға айрықша күш-қуўат бағышлады.

-Ҳәр жылы халықаралық балаларды қорғаў күни алдынан бундай жарысларды өткериў дәстүрге айланбақта,-дейди «Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Гүлшад Турсымуратова.-Бундағы тийкарғы мақсет, имканияты шекленген балалардың денсаўлығын беккемлеў, оларды спорт пенен турақлы шуғылланыўы тартыў, ғәрезсиз елимизде ҳәр бир баланың ғамқорлық ҳәм итибарда екенлигин көрсетиўден ибарат. Сонлықтан бул илажды өткериўге әмелий жәрдем көрсеткен  ҳүкиметимизге, жәмийетлик шөлкемлерге, қәўенлер мәкемелерге өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Жарыста жеңимпазлар анықланып, оларға шөлкемлестириўшилер, қәўендер мәкемелер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Халықаралық балаларды қорғаў күнине бағышланған бундай илажлар республикамыз бойлап даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.