Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (Манеж) қол урысы бойынша 16-17 жас аралығындағы ер балалар ҳәм қызлар арасында шөлкемлестирилген «Жоқарғы Кеңес Баслығы кубоги» жарысларының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды жарыстың ашылыўы менен қызғын қутлықлап, әўмет тиледи.
Буннан соң күн даўамында өткерилиўи белгиленген спорт жарыслары баслап жиберилди.
Усы жерде соңғы жылларда елимизде Президентимиздиң басшылығында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтиўимиз керек.
Сонлықтан да, бокс, таэквондо, гүрес, каратэ, самбо, ушу сыяқлы спорт түрлерин өзинде жәмлеген спорттың қол урысы түрине қызығыўшы жасларымыздың саны жылдан-жылға артып бармақта.
Әсиресе, спортшыларымыздың Азия, Жәҳән чемпионатлары ҳәм халықаралық турнирлерде қолға киргизип атырған жоқары табыслары халқымызды қуўанышқа бөлемекте.
Усындай жарыслардың өткерилиўи елимизде қол урысы спорт түрин еле де ғалаба ен жайдырыўда ҳәм халықаралық беллесиўлер жеңимпазларын жетилистирип шығарыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Өткерилген илаж даўамында өз салмақ категориясы бойынша жеңимпазлар қатарынан орын алған бир қатар жасларға медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.