Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекет кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикаси басқармасы қәнигелериниң қатнасыўында «9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен «Ашық есиклер күни» өткерилди.
Илажда Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Коррупцияға қарсы гүресиў бөлими бас қәнигеси А.Атамуратов тараўда коррупцияға байланыслы нызам бузылыў жағдайларының алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Мәжилис даўамында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша енгизилген жаңа механизмлер, коррупциялық жағдайларға себепши болатуғын факторларды ерте анықлаў ҳәм олардың алдын алыўға қаратылған илажлар ҳәр тәреплеме додаланды.
Атап өтилгениндей, коррупция тек ғана ҳәр бир системаны емес, ал оны әмелге асырған инсанның шаңарағын да жемириўи мүмкин.
– Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, басқарманың коррупцияға қарсы гүресиў бойынша профилактикалық илажлары график тийкарында барлық қала ҳәм районларда, ҳәр бир қәниге менен жеке ислескен ҳалда өткерилип келинбекте,-дейди басқарма бас қәнигеси А.Атамуратов.
Илаж даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги