Кеше футбол бойынша Азия чемпионлар лигасының 5-тур шеңберинде бир қатар ойынлар болып өтти.

Өзбекстанның әмелдеги чемпионы есапланған «Пахтакор» бул турда Бирлескен Араб Әмирликлерине сапар етип, «Ал-Айн» командасын 1:3 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ойынның 18-минутында Элса Ҳалфан «Пахтакор» дәрўазасына гол урып, арабларды есапта алдынға алып шыққан болса, 2-таймның 55 ҳәм 61-минутларында Ҳожимат Эркинов дублге еристи.

Ал, 78-минутта Драган Черан тәрепинен урылған гол, Максим Шацких командасына гезектеги 3 упайды алып берди.

Бул жеңистен соң Ташкент клубы өзиниң упайлар санын 7ге жеткерип, «Ал-Айн»нан соң екинши орында келмекте.

Усы топардағы екинши ойында болса, Саудия Арабстанының «Ал-Фейха» клубы Ашхабадтың «Ахал» клубын 3:1 есабында жеңип шығып, өзиниң упайлар санын 6 ға жеткерди.

Чемпионлар лигасының быйылғы мәўсиминде жақсы қатнасып киятырған Наманганның «Навбаҳор» клубы бул турда Саудияның ең күшли клубларының бири болған «Ал-Ҳилол»ды өз майданында қабыллап, 0:2 есабында жеңилип қалды.

Ушырасыўда саудиялылар қурамында бразилиялы Малком ҳәм «Ал-Ҳилол» сәрдары ал-Давсари Ўткир Юсупов дәрўазасына гол урыўға миясар болды.

Наманган клубы бул жеңилистен соң 10 упай менен «D» топарында 2-орынды ийелеп келмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы