Кеше Қаршы ҳәм Алмалық қалаларында футбол бойынша Азия чемпионлар лигасының 5-туры шеңберинде еки ойын өткерилди.

Қаршы орайлық стадионында өткерилген «Насаф» ҳәм «Ал-Файсали» клублары арасындағы ойынның биринши таймында иорданиялылар футболшысы Розиқ Бани Ҳани мийманларды есапта алдынға алып шыққан болса, 47-минутта Матеус Лима арадағы парықты теңлестириўге еристи.

Ал, 50-минутқа келип Зафармурод Абдураҳматов, 68-минутта Марко Станоевичлер өзлериниң әжайып соққысы менен «Ал-Файсали» дәрўазасын анық нышанға алып, футбол жанкүйерлерин шексиз қуўанышқа бөледи.

Бул жеңистен соң «Насаф» клубы өзиниң упайлар санын 10ға жеткерип, топар жетекшисине айланды.

Усы топардағы екинши ойында болса, «Ал-Шарджа» Қатардың «Ал-Садд» клубынан 0:2 есабында жеңилип қалды.

Алмалық қаласында өткерилген «ОКМК» ҳәм «Ал-Иттихад» клублары арасындағы ойында болса, Карим Бензема жетекшилигиндеги араб клубы 1:2 есабында жеңиске  еристи.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы