Усы жылы 10-май қүни Кегейли районындағы  1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине» бағышланып спорттың баскетбол түри бойынша ашық бириншилик болып өтти.

Жарысты өткериўден мақсет–елимизде спорттың баскетбол түрин еле де раўажландырыў, оның ғалабалығына ерисиў, жас спортшылардың тәжирийбелерин арттырыў, оқыўшылардың оқыўдан бос ўақытларын мазмунлы өткериўден ибарат.

Бириншиликте 2004-жылы туўылған ер балалар ҳәм 2003-жылы туўылған жас өспиримлер беллести.

Жарысқа Хожели, Тақыятас, Нөкис, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир ҳәм Кегейли районының жас спортшылары қатнасты.

Жарыс жуўмағында ер балалар арасында командалық есапта, Хожели районы биринши,  Кегейли районы екинши,  Тақыятас районы үшинши, қызлар арасында болса,   Нөкис районы биринши,  Хожели районы екинши,  Шымбай районы үшинши орынларды  жеңип  алды.

Жарыс жеңимпазларын райондагы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби тәрепинен таярланған медаль ҳәм дипломлар  менен сыйлықланды.

 

 Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

Журналистика қәнигелиги 2-басқыш студенти