Усы жылдың 28-сентябрь ҳәм 8-октябрь күнлери аралығында Қытайдың Ханчжоу қаласында ең абырайлы спорт жарысы есапланған Азия ойынлары болып өтип, онда елимиздиң спорт делегациясы жоқары нәтийжелерди қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтатуғын болсақ, Өзбекстан спорт делегациясы бул жарыста 22 алтын, 18 гүмис ҳәм 31 қола медальларын ийелеп, улыўма командалық рейтингте Қытай, Япония, Қубла Корея ҳәм Ҳиндстаннан соң бесинши орынды ийелеўге еристи. Ал, Азиядағы мусылман еллери арасында биринши орынға ылайық деп табылды.

Әне усы өткерилген жарысларда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан республикамыз спортшылары да өзлериниң күш ҳәм шеберликлерин көрсетип, бир қатар сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды. Соның ишинде, мақтаныш пенен айтып өтетуғын болсақ, қылышпаз қызларымыздан Зайнаб Дайыбекова ҳәм Гүлистан Пердебаевалар алтын,  Дилназ Мурзатаева қола, грек-рим гүреси бойынша 87 кг салмақта Жалғасбай Бердимуратов алтын,  ҳаял-қызлар гүреси бойынша -53 кг салмақта Ақкенже Кеўнимжаева ҳәм аўыр атлетикашымыз Рустам Жангабаев қола медальларын ийелеп, халқымызды шексиз қуўанышқа бөледи.

Бүгин елимиздиң мақтанышына айланған XIX Азия ойынларының чемпионы Жалғасбай Бердимуратов Нөкис қаласына жетип келди. Усы мүнәсибет пенен Нөкис темир жол вокзалында спортшыны күтип алыў мәресими болып өтти.





Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Б.Өтемуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.Алланазаровлар шығып сөйлеп, Жалғасбай ҳәм оның тренери Рустем Ерназаровты қолға киргизген үлкен табысы менен қутлықлады ҳәм оларға халқымызыдың миллий шапанлары жабылды.

Илажда Азия ойынлары чемпионы Ж.Бердимуратов ҳәм оның тренери Р.Ерназаровлар өзлерине көрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ҳүрмет ушын, елимиз басшыларына өз миннетдаршылықларын билдирип, алдағы жарысларда да жоқары нәтийжелерди қолға киргизиўге ўәде берди.

-Шәкиртимниң жеңиси барлық халқымыз сыяқлы, мени де шексиз қуўанышқа бөледи. Себеби, сонша жыллардан берли ислеп атырған мийнетиңниң жемисин көриў адамға айрықша заўық бағышлайды. Алдағы ўақытлары Жалғасбай ҳәм басқа да шәкиртлеримиз бенен шынығыўларды даўам еттирип, Париж Олимпиадасы жолламасын қолға киргизиўге ҳәрекет етемиз,-дейди «Ўатан пидайысы» көкирек белгисиниң ийеси белгили тренер Рустем Ерназаров.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы