Усы жылдың 18-26 ноябрь күнлери Қатардың Доха қаласында оқ атыў спорты бойынша жәҳән кубогиниң финал басқышы болып өтеди.
Халықаралық оқ атыў спорты федерациясы бул жарыста қатнасыў ушын биринши мәрте Өзбекстан сайланды командасының 2 ағзасына мирәтнама жиберди.
Бул жарыс жылына тек 1 мәрте өткерилетуғын ең абырайлы турнир болып есапланады. Оған сол жылы дүнья бириншилигинде сыйлы орынларды ийелеген 3 спортшы, сондай-ақ, жыл даўамында өткерилген жәҳән кубогиниң 6 басқышында ең жоқары рейтинг упайларын топлаған 12 мерген қатнасыў ҳуқықына ийе.
Соның ишинде, быйылғы жылы оқ атыў бойынша жәҳән кубогиниң басқышларында табыслы қатнасып, күшли 12 ликке кирген Муҳаммад Камалов ҳәм Владимир Свечниковлар пневматикалық пистолёттен оқ атыў түри бойынша Дохадағы финал басқышына жолламаны қолға киргизди.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Өзбекстан сайланды командасы ағзалары соңғы рет 2008-жылы бундай абырайлы жарыста қатнасқан болса, дәслепки мәрте 2 спортшы менен қатнасыў ҳуқықын жеңип алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы