Өзбекстан делегациясы «Ханчжоу – 2022» XIX жазғы Азия ойынларындағы қатнасыўын жуўмақлады.
Атлетлеримиз бул ретки жарыста 22 алтын, 18 гүмис ҳәм 31 бронза, жәми 71 медальды қолға киргизип, 45 мәмлекет арасында мақтанышлы бесинши орынды ийеледи.
Бул Өзбекстан делегациясының Азия ойынлары тарийхында медальлар сапасы ҳәм саны бойынша ең жақсы нәтийжеси болды.
Әлбетте, бундай көрсеткиш Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен спортты қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, ҳәр бир спорт түриниң раўажланыўына қаратылып атырған итибардың нәтийжеси болды, деп айтыў мүмкин.
Т.РЎЗИЕВ,
ӨзАның хабаршысы