Ҳәр жылы  елимизде 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» көтериңки руўхта белгиленеди.

Усы байрам  мүнәсибети менен 8-май күни пайтахтымыздағы Амфитеатрда Арқа-батыс әскерий округи менен биргеликте жасларды Ўатан сүйиўшилик ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў мақсетинде «Биз тынышлық тәрептарымыз» атамасындағы спорт жарыслары марафонының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими, сондай-ақ, байрам салтанатына бағышланған концерт бағдарламасы өткерилди.  

 

 

Байрам мүнәсибети менен спорттың жеңил атлетика бойынша жуўырыў марафоны өткерилди. Марафонға Нөкистиң қубла автовокзалынан старт берилип, спортшылар «Төрткүл гүзары» бойлап, «Амир Темур» көшесинен «Ислам Кәримов»  гүзары арқалы финиш сызығы, Амфитеатрға жетип келди.

Марафонға улыўма билим бериў мектеплеринен, орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлеринен, жоқары оқыў орынларынан, мәкеме-кәрханалардан жаслар ҳәм Арқа-батыс әскерий округиниң әскерий хызметкерлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң Баслығы, Әскерий ҳәкимшилик секторының баслығы Муса Ерниязов ҳәм Арқа-батыс әскерий округи сәркардасы Фарҳоджон Ортиқовлар шығып сөйлеп, жеңимпазларға диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырды.

 

 

Жарыс жуўмағында орта арнаўлы улыўма билим бериў мектеплери арасында Баўыржан Кеңесбаев биринши, Шарапат Назаров екинши, Шерзод Колесников үшинши, кәсип өнер колледжлери арасында Жеткербай Қайыпназаров биринши, Шахрух Алламбергенов екинши, Алпамыс Қыдырниязов  үшинши,  жоқары оқыў орынлары арасында Ўткиржан Ешимбетов биринши (НМПИ студенти), Ықлас Пиримбетов екинши (ҚМУ студенти), Улығбек Камалов үшинши (НМПИ), балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери арасында Ерғалий Мақсетов биринши, Султанғалий Шерманов екинши, Барзу Килибаев үшинши, әскерлер арасында Мирзохид Худайқулов биринши, Музаффар Исмайлов екинши, Сардар Юлчиев үшинши орынды ийеледи.

 

 

Жарысқа белсене қатнасқан спортшылар номинациялар бойынша хошаметленди. Сондай-ақ, майор Арсен Сергабаев ҳәм майор Сергей Топольскийлерге  Арқа-батыс әскерий округиниң  «Подполковник» әскерий атақлары тапсырылды.

 

 

– Байрам жоқары дәрежеде өткерилмекте. Бүгинги илажға 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде билим атырған бир топар оқыўшыларды алып келдик.  Халқымыз, елимиз тыныш, аспанымыз ашық. Бундай күнлерге шүкиршилик етип атырғаны жүзлеринен көринип тур, – дейди мектеп оқытыўшысы Баҳадыр Жақсымуратов. – Оқыўшылар бизлердиң нурлы келешегимиз ушын жанын пидә еткен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына миннетдаршылық билдирип, әскерий техникалар менен таныспақта.

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниң театрластырылған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Сондай-ақ, илаж қатнасыўшылары «Көргизбели әскерий парад», әскерий техникаларды тамашалады.    

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы