Усы жыл 20-30-апрель күнлери аралығында Үргенш қаласында аўыр атлетика бойынша жаслар ҳәм жас өспиримлер командалары арасында өткерилген Азия чемпионаты өткерилди.
Чемпионатқа жерлеслеримизден 5 спортшы табыслы қатнасып қайтты.
2-май күни Нөкис темир жол вокзалында кең жәмийетшилик тәрепинен спортшыларды салтанатлы жағдайда күтип алыў мәресими өткерилди.
Жас өспиримлер арасында 85 киллограм салмақ категориясында Алишер Раджапов биринши, жаслар арасында 77 килограмм салмақта Өмирбай Мавленов екинши, 58 килограмм салмақта Саёра Есбергенова төртинши, 69 килограмм салмақта Базаргүл Рамбергенова үшинши, +105 килогармм салмақта Шахердан Кемалов үшинши орынды ийеледи.
Солай етип, чемпионатқа Өзбекстан сайланды командасынан 30 ға шамалас спортшылар қатнасып, командалық есапта жас өспиримлер командасы бириншиликти ийеледи.
Спортшыларды жарысқа тренерлерден Атажан Матякупов, Мурат Әметов, Жәнибек Утеев ҳәм Әдил Айтмуратовлар таярлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги