8-май күни пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы каратэ миллий федерациясының вице-президенти Халлила Алиевтиң ҳәм Өзбекстан Республикасы чемпионы Руслан Төребаевлардың естелигине арналған ашық бириншилик өткериледи.

Жарысқа 6 жастан 17  жас аралығындағы спортшылар қатнасыўы мүмкин.

Жарыста ер балалар 25, 30, 35, 40, 57, 61, 63 килограмм, қызлар 35, 40, 47, 53, 54 килограмм салмақ категорияларында күш сынасады.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Бул ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги