Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялар фракцияларының мәжилислери болып өтти. Оларда бир қатар нызам жойбарлары додаланды. Соның ишинде, Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары көрип шығылды.
Бул нызам жойбары менен инсан өмири ямаса денсаўлығының қәўипсизлиги талапларына жуўап бермейтуғын товарларды ислеп шығарыў ҳәм сатқаны ушын жаза илажларының және де күшейтилиўи усыныс етилмекте. Сондай-ақ, жойбарда этил спирти, алкогол ҳәм темеки өнимлерин нызамға қайшы түрде ислеп шығарғаны ямаса айланысқа киргизгени тиккелей жынайый жуўапкершиликке себеп болатуғыны нәзерде тутылмақта.
Нызам жойбарында исбилерменниң товар брендинен нызамсыз пайдаланып өним ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў, санитария ҳәм ветеренария нызамшылығын бузыў сыяқлы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ушын жазаларды күшейтиў усыныс етилмекте.
Фракция ағзалары нызам жойбарында нәзерде тутылып атырған нормалар ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирип, олар партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларына үнлес екенлигин ҳәм партия электоратының мәплерине толық сәйкес келетуғынын атап өтти.
Додалаўлардан соң нызам жойбары мақулланды.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы