Нөкис қаласындағы 74-санлы референдум участкасында да таярлық жумыслары шөлкемлескенли түрде, белгиленген реже тийкарында алып барылды.
Участкада бүгин «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы нызамда белгиленген талаплар тийкарында даўыс бериў әмелге асырылды.
– Участкамыздағы даўыс бериў процеси саат 08:00 ден баслап мәмлекетлик гимнлердиң атқарылыўы менен басланып, комиссия ағзалары өзлериниң ўазыйпаларын атқарыўға киристи,-дейди 74-cанлы референдум участкасындағы комиссия баслығының орынбасары Э.Бегжанова. – Даўыс бериў процесслерине аймақ турғынлары белсене қатнаспақта.
Бул жердеги даўыс бериўге тийкарынан Анасай ҳәм Саманбай мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы турғынлар қатнаспақта.
Аймағымыздан жәми 2650 пуқараның даўыс бериўи, соннан 32 жастың биринши мәрте даўыс бериўи күтилмекте. Өзлериниң ҳуқықларынан пайдаланған ҳалда 19-апрельден баслап 8 пуқара алдыннан даўыс бериўге қатнасты.
Сондай-ақ, кекселиги, майыплығы болғанлығы, кеселлиги ҳәм басқа да себеплерге байланыслы 72 пуқара өз үйлеринде даўыс бериўге қатнасады.
Ҳәзирги ўақытта аймақ турғынларының өзлериниң келешеги ушын даўыс бериўи даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги