– Майыплығы болған шахслардың балалары;
– Үшеў ямаса оннан көп балалары болған шаңарақлардың балалары;
– Әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң балалары;
– Студентлер ҳәм педагоглардың балалары;
– Жетим балалар ямаса ата-анасының қараўында болмаған балалар;
– Басқа мәкемелерден өткерилген балалар;
– Әжағалары ямаса әжапалары усы мәкемениң тәрбияланыўшылары болған балалар жеңилликли дизимге киргизиледи.
Жеңилликли түрде дизимге киргизилгенлер бақшаларда орын босағанда нәўбет бойынша биринши гезекте рәсмийлестириледи.
Бул тәртип Министрлер Кабинетиниң “Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң административлик регламентин тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарында көрсетилген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.