Төмендеги кеселликлери бар балалар ушын бақшаға пул төленбейди:

  сөйлеўиндеги үлкен кемшиликлер (ринолалия, тутлығыў, балалар афазияси, психикалық-сөйлеўден раўажланыўда изде қалыў);

еситиўинде үлкен кемшиликлер (II— IV дәрежеде гереңлик);

көринисинде үлкен кемшиликлер (көзи әззилер, анофталъм, амблиопия, қыйсық ҳәм төмен көретуғынлар);

таяныш-ҳәрекетлениўинде кемшиликлер;

психикикалық раўажланыўда изде қалыў (интеллектуаллық жақтан изде қалыў (интеллект жумысыныӊ изде қалыўы ҳәм интеллектуаллық ҳәлсизликтиң жеңил дәрежеси);

қурамалы кемшиликлер (раўажланыўда еки ямаса ҳәм оннан зыят кемшиликлер бар екенлиги);

туберкулёз кеселлигиниң дәслепки көриниси (туберкулёз кеселлиги менен кеселленген наўқас пенен бир шаңарақта (хожалықта) жасап, байланыста болғанлар, тубвираж), соның менен бирге, туберкулёз кеселлигинен кейинги саўалыў дәўири.


Қарақалпақстан хабар агентлиги