Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен «Коррупция – жаман иллет» атамасында семинар өткерилди.
Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, прокуратура ҳәм «Сәлмен ийшан» жомъе мешити менен биргеликте өткерилген илажда Нөкис қаласындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң директорлары ҳәм хызметкерлери қатнасты.
Дәслеп семинар қатнасыўшыларына коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы видеоролик қойып берилди.
Семинарда Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң Коррупцияға қарсы гүресиў басқармасының комплеанс қадағалаўын әмелге асырыў бойынша бас қәнигеси Б.Кадировтың коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын белгиленген жуўапкершиликлер ҳаққындағы баянаты тыңланды. Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында қабыл етилген нызам ҳүжжетлери ҳәм жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Семинар қатнасыўшылары темаға байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги