Түркменстаннан Өзбекстанға электр энергиясы импортының күнлик көлеми арттырылды.
Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, тутыныўшыларға электр энергиясын жеткерип бериў көлемин арттырыў мақсетинде «Түркменэнерго» корпорациясынан импорт әмелиятының суткалық 17-18 млн кВт-сааттан 20-21 млн кВт-саатқа арттырылған.
Алдын энергетика министриниң орынбасары Шерзод Хўжаев тәбийғый газ импортына да тоқтап өткен ҳәм егер импорт көлеми арттырылса, бул – электр энергиясын ислеп шығарыў көлемине тиккелей унамлы тәсир ететуғынын билдирген еди.
«Егер де жетерли муғдардағы тәбийғый газ импорты жолға қойылса, ыссылық электр станциялары белгиленген реже тийкарында жетерли муғдарда электр энергиясын ислеп шығарып, тутыныўшылар толық тәмийинленеди. Халықтың үйлериндеги газ басымы менен байланыслы машқалалар да шешиледи»,-деген еди министрдиң орынбасары.
Қарақалпақстан хабар агентлиги