Бүгинги күнде турмысымызда күнделикли пайдаланатуғын мийўелердиң арасында цитрус мийуелерде бар. Бул мийўелериде арасында сүйсинип жейтуғын апельсин ҳаққындағы қызықлы мағлыўматларды билесиз бе?
Апельсин – гесперид майда мийме түрлеринен (тери менен оралған майда мийўе) бири.
Ашқылтым апельсин шама менен Х әсирде Европа аймағына португалиялы теңизшилер, мазалысы болса ХV әсирде генуялык саўдагерлер тәрепинен алып келинген.
Дүняьда апельсинлердиң дерлик 20 % и мийўе жағдайында сатылады. Қалған бөлеги болса шербет, экстракт ҳәм консервалар өндирисине кетеди.
Апельсин тереги жүз жылға шекем жасаўы мүмкин.
«Вашингтон Сортел» сортында туқым болмағанлығы себепли шаңландырыў жолы менен көбеймейди, тек сабыў арқалы әмелге асырылады.
Бир цитрус терегиниң 60 мың данаға шекем гүли болыўы мүмкин, 1 % и ғана мийўе береди .
«Валенсия» сорты бул мийуе дүньяда ең көп тарқалған сорты болып есапланады.
Дүньяда шоколад ҳәм ванилдан кейин апельсин ийиси ең жағымлы ийис деп тән алынған.
Апельсин – дүньяда ең кең тарқалған цитрус.
Апельсин тереклери дәслепки рет Қытайда жетилистирилген.
Статистика бойынша адам ҳәр жылы шама менен 5, 5 кг цитрус мийўе пайдаланады, соның үлкен бөлегин апельсинлер қурайды.
Бир дана апельсин қурамында С витамининиң күнлик нормасы бар.
Бир дана апельсин туқымынан бир неше терек өсиўи мүмкин.
Муслатдинова Фарида,
ҚМУ дың интернет журналистика
тәлим бағдары 4-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги