15-ноябрь күни Қытай басшысы Си Цзиньпин «G20» саммити шеңберинде Франция Президенти Эммануэль Макрон менен ушырасты.
«Синьхуа» агентлигиниң хабар бериўинше, Си Цзиньпин кейинги үш жыл ишинде тәреплер тығыз қатнасықты қоллап-қуўатлағаны себепли, Қытай-Франция байланысларының раўажланыўы унамлы пәтти сақлап қалғаны ҳәм еки мәмлекет биргеликте нәтийжели жетискенликлерге ерискенин атап өткен.
«Қытай Франция ҳәм Европа Аўқамы менен узақ мүддетли қатнасықтың жедел раўажланыўы дурыс жолдан барыўы, дүньяға турақлылық ҳәм унамлы энергия бериўи ушын бийғәрезлик, ашықлық ҳәм бирге ислесиў руўхын сақлап турыўы керек»,-деди Си Цзиньпин.
ӨзА