Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры басшылығындағы делегация Вьетнам Социалистлик Республикасы Бас прокурорының мирәт етиўине бола Ханой қаласына келди.

Сапар шеңберинле Өзбекстан Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев ҳәм Вьетнам Бас прокуроры Ле Минь Чи арасында ушырасыў болып өтти.

Конструктивлик сөйлесиў даўамында тәреплер еки мәмлекеттиң қадағалаў уйымлары арасындағы өз-ара байланысларды және де раўажландырыўдың перспективалы бағдарларын додалады.

Ушырасыўдың жуўмағы бойынша еки мәмлекет ўәкилликли уйымларының жынаят процеси шеңберинде ҳуқықый бирге ислесиўди әмелге асырыў имканиятын беретуғын Өзбекстан Республикасы ҳәм Вьетнам Социалистлик Республикасы арасында жынаят ислери бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды.

ӨзА