АҚШ Орайлық Азияның бес республикасын Қурама Штатлардың Россияға қарсы санкциясына әмел етиў бойынша әйне қандай қәдемлер күтип атырғанынан хабардар етти. Бул ҳаққында АҚШ Конгресси Сенатының сыртқы ислер комитетинде болып өткен ушырасыўда Мәмлекетлик департаменти Америка санкциялары сиясатын муўапықластырыўшысы Жеймс О´Брайен мәлим етти.
Ол АҚШ Мәмлекетлик хаткери Энтони Блинкен өткен ҳәптеде Нью-Йоркта Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы 77-сессиясы шеңберинде Орайлық Азияның бес мәмлекети – Өзбекстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Қырғызстан сыртқы ислер министрлери менен ушырасыў өткергенин еслетти.
«Биз санкцияға қалай әмел етиў бойынша усыныслар бердик, қәўетеримизди билдирдик. Олар менен алдағы режелер ҳаққында және сәўбетлер өткеремиз», деди О´Брайен.
«Биз оларға басқа да вариантларды бериў үстинде ислеп атырмыз», деп қосымша етти америкалы сиясатшы.
ӨзА