Россия ҳүкимети усы жылы 23-27-сентябрь күнлери Украинаның басып алынған аймақлары – ЛХР, ДХР ҳәм Херсон менен Запорожье ўәлаятларында өткерилген референдум нәтийжелерин сайлаў бюллетеньлериниң 100 проценти көрип шығылғаннан кейин, жәриялады.
Оған бола:
– Херсон ўәлаятында – 87,05 процент,
– Запорожье ўәлаятында – 93,11 процент,
– ДХРда – 99,23 процент,
– ЛХРда – 98,42 процент халық «Аўа» деп даўыс берген.
ДХР орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў бюллетеньлериниң 100 процентин қайта ислеў нәтийжелери бойынша, сайлаўшылардың 99,23 проценти кириў ушын даўыс бергенин, референдумда болса сайлаўшылардың 97,51 проценти қатнасқанын мәлим еткен.
Бурын, РФ Қәўипсизлик Кеңеси баслығының орынбасары Медведев референдум жуўмақланғанын мәлим етип, «Референдум жуўмақланды. Нәтийжелер анық. Россияға, үйге хош келдиңиз!» – деген мазмунда мүнәсибет билдирген еди.
Украина басшысы Зеленский болса БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң мәжилисинде егер Россия референдумлардың нәтийжелерин тән алса, Путин ҳәм оның арасында басқа сөйлесетуғын гәп жоқ екенин айтқан.
Еслетип өтемиз, алдын референдум нәтийжелерин, ол қандай көринисте болыўына қарамастан, тән алмаўын билдирген мәмлекетлер ҳаққында хабар берилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги