Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ШБШның Самарқанд саммитинде шөлкемди раўажландырыў бойынша 2040-жылға шекемги стратегиясын қабыллаў усынысын алға қойды.
«Халықаралық тәжирийбелерди есапқа алған ҳалда, биз 2040-жылға шекем раўажланыў стратегиясын таярлаўға кирисиўимиз мүмкин. Бул программалық ҳүжжет ҳәр тәреплеме бирге ислесиўимиздиң барлық бағдарын қамтып алыўы зәрүр»,-деди Шавкат Мирзиёев.
Өзбекстан басшының атап өтиўинше, бул ҳүжжет шөлкемниң әҳмийетли ўазыйпаларын шешиўге, яғный «аўызбиршиликти беккемлеў, өз-ара жәрдемлесиў ҳәм Шанхай руўхы принциплери тийкарында бирге ислесиў» имканиятын береди. «Биз тек ғана усы жол менен ШБШ регионларында тынышлық, турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлей аламыз»,-деп қосымша етти Мирзиёев.
ӨзА