Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Қарақалпақстан Республикасының социаллық, экономикалық, соның ишинде, өндирис ҳәм инвестиция потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменлик жумысын раўажландырыў ҳәм жоқары қосымша қунға ийе бәсекилес өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў, исбилерменлерге көрсетилетуғын финанслық хызметлер көлемин кеңейтиў, инфраструктуралық шараятларды жаратып бериў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм аймақтың экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде:
- Қарақалпақстан Республикасының экономика тармақларында инновациялық процесслердиң жеделлесиўине ерисиў, ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм аймақты жедел пәтлерде раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
аймақтың инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў;
жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди көбейтиў ҳәм қолайлы агробизнес орталығын жаратыў;
билимлендириў тараўында қосымша имканиятлар ҳәм инсан капиталының раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге шараят жаратыў;
социаллық қорғаў бағдарламаларының қамтып алыўын кеңейтиў.
- Қарақалпақстан Республикасында аймақтың инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, жаслар бәнтлигин тәмийинлеў бағдары шеңберинде:
а) Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында жайласқан ҳәм усы аймақта жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ушын 2023-жыл 1-январьға шекемги дәўирде:
пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы бойынша салық ставкалары 50 процентке азайтылған ҳалда;
социаллық салық азайтылып, 1 процент муғдарындағы салық ставкасында;
жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төленип атырған социаллық салық қалалар аймағында жумыс алып барып атырғанлар ушын 12 есеге, районлар аймағында жумыс алып барып атырғанлар ушын 6 есеге азайтылып, жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында белгиленсин.
Онда, ири салық төлеўшилер, турақлы мәкемелер, бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик кәрханалар, устав қоры (капиталы)нда мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан көбирек муғдарда болған юридикалық тәреплерге усы бәнтте белгиленип атырған жеңилликлер енгизилмейди;
б) 2022-жыл 1-октябрьден 2028-жыл 1-январьға шекемги дәўирде:
Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарылған өнимлерди сырт мәмлекетлерге экспорт етиўде, соның ишинде, экспорт етилетуғын өнимлерди ислеп шығарыў ушын сатып алынған шийки затты республика бойлап тасыўда транспорт қәрежетлериниң 70 проценти Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы (кейинги орынларда – Ҳүкимет комиссиясы) тәрепинен белгиленген дизимге тийкарланып Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен қаплап берилсин;
ажыратылатуғын кредит суммасының 75 процентине шекем (75 проценти де киреди), бирақ улыўма баҳасы 2,5 миллиард сумнан артпаған муғдарда Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан кепилликлер усынылсын;
в) Қарақалпақстан Республикасындағы жас исбилерменлерге өндирис ҳәм хызмет көрсетиў ушын зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыў мақсетинде Ҳүкимет комиссиясының қарарына тийкарланып тиккелей, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры арқалы 7 жыл мүддетке қарыз қаржылары усынылсын.
Онда, ажыратылған бул кредит қаржылары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усыныслары тийкарында Ҳүкимет комиссиясы (Ж.Ходжаев) тәрепинен бөлистириледи;
г) Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасының координаторлары (М.Убайдуллаев, А.Камалов, Д.Султанов) Қарақалпақстан Республикасында шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңбериндеги жойбарларды қаржыландырыў ушын 2022-жылдың ақырына шекем бағдарлама ушын ажыратылған ресурслар есабынан қосымша түрде 200 миллиард сум кредит ажыратылыўын тәмийинлесин.
Нызамшылықта усы бәнттегиден артық салық жеңилликлери нәзерде тутылған болса, исбилерменлик субъектлери ушын қолайлы салық жеңилликлериниң енгизилетуғыны белгиленсин.
Мойнақ районындағы исбилерменлик субъектлери ушын нызамшылықта салық жеңилликлериниң кеңейтилген дизими бар екени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик жумысын раўажландырыў ушын коммерциялық банклерге ҳәм «Әмиўдәрья дельтасында киши суў бассейнлерин қурыў. Фаза II» жойбары шеңберинде қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының (кейинги орынларда – Қор) қаржылары есабынан 100 миллион АҚШ доллары эквивалентинде төмендеги шәртлер ҳәм бағдарлардағы кредит линиясын ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
а) 95 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит линиясы коммерциялық банклерге 7 жыл мүддетке, соның ишинде, 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 10 процент ставкада миллий валютада ажыратылады. Онда:
коммерциялық банклер тәрепинен кредитлер ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў (буған турақ жай қурылысы, саўда, дәлдалшылық тараўындағы жойбарлар, сондай-ақ, акцизасты товарлар ислеп шығарыўшылар, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм устав қорында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси болған юридикалық тәреплер ҳәм айланыс қаржыларын толықтырыў жағдайлары кирмейди) ушын жыллық 14 процентлик ставкада, 7 жылға шекемги мүддетке, соның ишинде, 2 жылға шекемги жеңиллетилген дәўир менен 10 миллиард сумға шекемги муғдарда ажыратылады;
ажыратылған бул кредит линиясынан қаржыландырылатуғын жойбарлар дизими Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усынысына тийкарланып Ҳүкимет комиссиясы (Ж.Ходжаев) тәрепинен қәлиплестириледи;
б) «Әмиўдәрья дельтасында киши суў бассейнлерин қурыў. Фаза II» жойбары шеңберинде қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў ушын 5 миллион АҚШ доллары эквивалентинде кредит линиясының қаржылары ажыратылады.
Онда, Қор Суў хожалығы министрлигине 2023-жыл 31-декабрьге шекемги мүддетке жыллық процент ставкасы Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында 5 миллион АҚШ доллары муғдарында қысқа мүддетли кредит ажыратсын ҳәм бул кредит кейин ала жойбар буйыртпашысы – Аралды қутқарыў халықаралық қоры атқарыў комитетиниң Нөкис филиалына өткерилсин.
Суў хожалығы министрлиги Қордың тартылатуғын кредитин алатуғын, Аралды қутқарыў халықаралық фонды атқарыў комитетиниң Нөкис филиалы усы кредитлердиң мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўына жуўапкер атқарыўшы уйым есапланады.
Қаржы министрлиги Қордан тартылған кредитти азайтыў ҳәм оған есапланған процентлерди төлеўге байланыслы қәрежетлерди, 2023-жыл 31-декабрьге шекемги мүддетте Орайлық банк тәрепинен орнатылған төлем күниндеги валюта курслары бойынша айырмашылықты АҚШ доллары эквивалентинде Қорға мәмлекетлик бюджеттен қайтарады.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ж.Ходжаев) жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
еки ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасында жайласқан ҳәм усы аймақта жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлерине бийпул тийкарда жәрмдемлесиўши «Инвесторларға жәрдем орайы»н;
«Инвесторларға жәрдем орайы» жанында аўыл хожалығына мөлшерленген бос турған участкалардан майданы кеминде 10 гектар болған өндирислик технопаркин шөлкемлестирсин.
- Қарақалпақстан Республикасы аймағында 2022-жыл 15-сентябрьден баслап 2025-жыл 1-январьға шекем, бурынғысынан басқаша тәризде, жер участкаларын тиккелей ижараға бериў мақсетинде ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ушын ең жақсы усынысты таңлап алыўды:
а) ең жақсы усыныслар 5 миллион АҚШ доллары эквивалентинен баслап көрип шығылады;
б) жумысшы уйым Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги есапланады;
в) төмендегилер:
ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ушын ең жақсы усынысты таңлап алыў;
ең жақсы усыныс деп таңлап алынған ири инвестициялық жойбарды әмелге асыратуғын инвесторларға жер участкаларын тиккелей ижараға бериў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен әмелге асырылады.
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы бәнттен келип шығатуғуғын тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Төмендегилер мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
Қарақалпақстан Республикасында дизимнен өткен барлық салық төлеўшилерден өндирилген салықлар 2022-жыл ушын Мәмлекетлик бюджеттиң дәраматларын қәлиплестириўдиң тастыйықланған муғдарларынан аз болмаған муғдарда Қарақалпақстан Республикасы бюджетине өткериледи;
мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма билимлендириў мектеплери хызметкерлериниң, соның ишинде, тәрбияшы ҳәм муғаллимлердиң мийнет ҳақысы сондай-ақ, оған салыстырмалы есапланған социаллық салық төлемлерин Өзбекстан Республикасы республикалық бюджеттен әмелге асырыў тәртиби сақлап қалынады.
Онда, салық жеңилликлериниң енгизилиўи себепли пайда болатуғын Қарақалпақстан Республикасы бюджети дәраматларындағы шығынлар Өзбекстан Республикасы республикалық бюджеттен ажыратылатуғын бюджетлераралық тәртипке салыўшы трансфертлер есабынан толық қапланады.
- Қарақалпақстан Республикасында халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў ҳәм республикадағы социаллық-экономикалық машқалаларды шешиў және аўыр шараятлы аймақларды қоллап-қуўатлаўға бағдарлаў мақсетинде 2022-жыл 3-шеректен баслап 2024-жылдың ақырына шекем ҳәр шеректиң жуўмағында қосымша қун салығы бойынша дәраматлар прогнозының арттырып орынланған бөлеги, бурынғысынан басқаша тәризде, толық Қарақалпақстан Республикасында қалдырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бағдары шеңберинде:
а) 2022-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасында аукцион саўдаларына жайластырылатуғын пайдалы қазылма кәнлери ҳәм перспективалы участкалар дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын;
б) Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары:
мүлк ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион саўдаларына басланғыш баҳасы 50 процентке азайтылған ҳалда шығарылсын;
мүлк ҳуқықы ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион саўдалары арқалы реализацияланыўынан түсетуғын қаржылардан Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджетине қаратылатуғын бөлегиниң 50 проценти усы жер участкалары жайласқан район (қала)лар бюджетине олардың қосымша дәреклери сыпатында өткерилсин;
в) меншиклестириў бағдарламаларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында жайласқан мәмлекетлик активлерди (буған аймағы 10 000 квадрат метрге шекемги мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери кирмейди) сатыўдан түскен қаржылар, оларды баҳалаў ҳәм сатыў қәрежетлери шегирилген ҳалда, Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы суў тәмийнаты ҳәм канализация системаларын раўажландырыў аймақлық қорына мақсетли қаратылсын;
г) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-майдағы «Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында исбилерменликти раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-264-санлы қарарының 1-бәнтинде нәзерде тутылған мәмлекетлик активлерди және исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос турған жер участкаларын электрон онлайн-аукцион саўдаларында сатып алыўда қолланылатуғын қағыйдалар Қарақалпақстан Республикасының барлық аймақларында енгизилсин;
д) Бас министрдиң орынбасарлары Ш.Ғаниев ҳәм Ж.Ходжаев Аўыл хожалығы министрлиги (А.Воитов), Суў хожалығы министрлиги (Ш.Хамроев), Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Кудбиев) ҳәм Кадастр агентлиги (Ф.Пулатов) менен биргеликте 2023-жыл 1-январьға шекем сырт ел экспертлерин тартып, Қарақалпақстан Республикасында суў есабын жүргизиў, шығынларды азайтыў ҳәм суў тәмийнатын турақлыластырыў бағдарламасын нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шықсын.
Онда, суў тәмийнатын жақсылаў қорын шөлкемлестириў ҳәм оған суў салығы, ирригация ҳәм мелиорация объектлерин реконструкциялаў ушын нәзерде тутылған бюджет қаржыларын қаратыў нәзерде тутылсын.
- Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди көбейтиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў және қолайлы агробизнес орталығын жаратыў бағдары шеңберинде:
а) фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң пайдаланыўындағы пахта ҳәм ғәлледен қысқартылатуғын, елатлы пунктке жақын ҳәм суў тәмийнаты жақсы болған аймақлардан резервке қайтарылған жер майданлары 2-қосымшаға муўапық дийқан хожалығы шөлкемлестирген ҳалда овощ, палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка жетистириў сыяқлы жойбарларды әмелге асырыў ушын пуқараларға, бурынғысынан өзгеше тәризде, 2 гектарға шекемги өлшемлерде ашық электрон таңлаў арқалы 30 жылға ижараға берилсин;
б) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-декабрьдеги «Мийўе-овощ жетистириў тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, тармақта кластер ҳәм кооперация системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-52-санлы қарарының талапларына тийкарланып мийўе, жүзим, овощ, картошка, палыз егинлери, гүл, көк шөплер ҳәм дәрилик өсимликлер, мәкке дәни, собықлы ҳәм майлы егинлерди жетистириў ушын өним баҳасының 50 процентине шекем, бирақ гектарына 7 миллион сумнан артпаған муғдарда жыллық 14 процент (соннан 2 проценти банк маржасы) ставкада, 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 12 ай мүддетке кредитлер ажыратылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Онда Орайлық банк (Б.Захидов) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте 2023-жылы Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы фермер хожалықларына 200 миллиард сум ҳәм усы Пәрманның 9-бәнти «а» киши бәнтине тийкарланып ашық электрон таңлаў арқалы егислик майданларды ижараға алған дийқан хожалықлары ушын 50 миллиард сум муғдарындағы кредитлер ажыратылыўын тәмийинлесин;
Министрлер Кабинети (Ш.Ғаниев, Ж.Қўчқоров) бир ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы егислик майданларының тегис емеслигин ҳәм суў ресурсларының нормадан артық жумсалыўын сапластырыў мақсетинде 2022-2024-жыллары аўыл хожалығы жер майданларын лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлары жәрдеминде тегислеў ушын ҳәр бир гектарына субсидия ажыратыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныс киргизсин;
г) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-январьдағы «Шарўашылық тармағын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4576-санлы қарарының 3-бәнтинде белгиленген субсидия ажыратыў тәртиби Қарақалпақстан Республикасы ушын 2 жыл мүддетке создырылсын;
д) Қаржы министрлиги ҳәм Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси Қарақалпақстандағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жер майданларын суўғарыў ушын тереңлиги 5 метрден артық болған ҳәр бир вертикал суўғарыў қудығын бурғылаў ҳәм иске қосыўға байланыслы қәрежетлерин қаплаўға қудықтың ҳәр бир метр тереңлиги ушын 100 мың сумнан, базалық есаплаў муғдарының 50 есесинен аспаған муғдарда Фермер, дийқан хожалығы ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан субсидиялар ажыратылыўын тәмийинлесин;
е) Министрлер Кабинети (Ш.Ғаниев, Ж.Қўчқоров) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-ноябрьдеги «Шыршық қаласында аўыл хожалығы машина қурылысы кластерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-7-санлы қарарының талапларына муўапық, 2023-жылдың ақырына шекем Қарақалпақстан Республикасындағы фермер хожалықлары тәрепинен кеминде 200 жаңа жоқары өнимли комбинациялық техникаларды сатып алыў ушын субсидиялар ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасында билимлендириў тараўында қосымша имканиятлар ҳәм инсан капиталы раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге шараят жаратыў бағдары шеңберинде;
а) Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин муўапықластырыў бойынша мәмлекетлик комиссиясы (А.Арипов) Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң зәрүр билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша қәлиплестирилген буйыртпасына муўапық, он күн мүддетте 2022-2023-оқыў жылы ушын Қарақалпақстан Республикасында улыўма орта, орта-арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған 500, кейинги жыллары ушын болса ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем 6 500 жаслардың ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилиўин тәмийинлесин.
Онда бул қабыллаў көрсеткишлери бойынша оқыўға қабылланған студентлерге ажыратылған тәлим кредитлери бойынша процент төлемлерин Қаржы министрлиги жанындағы Тәлим кредитин қаржыландырыў қорының есабынан қаплап бериў имканияты жаратылсын;
б) Қарақалпақстан Республикасындағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерин күшли профессор-оқытыўшылар менен тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетимиздиң жетекши жоқары оқыў орынларында экология, аўыл хожалығы, ирригация ҳәм қурылыс бағдарлары бойынша 2023-жылдан баслап, таяныш докторантурада кадрларды мақсетли таярлаў жолға қойылсын;
в) 2022-жыл 1-октябрьден баслап Қарақалапқстан Республикасы аймағында мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бойынша келисимлерге қол қойыў, бурынғысынан басқаша тәризде, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен әмелге асырылсын;
г) 2022-жыл 1-октябрьден баслап 5 жыл мүддетке Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў процесине тартылған сырт елли қәнигелер (оқытыўшылар) Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс ислеў ҳуқықын беретуғын тастыйықнамаларды рәсмийлестириў ҳәм бериў (создырыў) ушын өндирилетуғын төлем, Өзбекстан Республикасына кириў визасын алыў ушын консуллық жыйымлар ҳәм жасаў орнына дизимге алыў ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы төлеўден азат етлсин;
- Қарақалпақстан Республикасында социаллық қорғаў бағдарламалары менен қамтыў көлемин кеңейтиў шеңберинде 2022-жыл 15-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятларында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, майыплығы болған адамлар ушын темир жол ҳәм авиажолаўшылар ушын билетлерди сатыў 50 процентлик жеңилликли тарифлер бойынша әмелге асырылсын және жолаўшы тасыўшы компаниялардың усы жеңилликти бериўге байланыслы қәрежетлери Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети қаржыларының есабынан қаплап берилсин.
Транспорт министрлиги Қаржы министрлиги, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ ҳәм резидент авиакомпаниялар менен биргеликте бир ай мүддетте жолаўшылардың тийисли категориялары ушын арнаўлы тарифлерди тастыйықласын.
- Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, машқалаларды сапластырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қаржы министрлиги 2022-жыл 1-октябрьге шекем «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы анықланған кем тәмийинленген шаңарақларға қыс мәўсимин қосымша шығынсыз өткериў ушын (көмир, суйылтырылған газ, азық-аўқат, басқа да зәрүрликлер ушын) ҳәр бир кем тәмийинленген шаңараққа базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пуллар ажыратыў ушын Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджетине Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен қосымша 100 миллиард сумға шекем қаржы ажыратсын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси 2022-жыл 25-октябрьге шекем «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме сиситемасында дизимге алынған ҳәр бир шаңарақ қысқы мәўсимди қосымша шығынсыз өткериў ушын ажыратылып атырған бир мәртелик материаллық жәрдем пулларды толық төлеп бериўди тәмийинлесин және әмелге асырылған жумыслар бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме барсин.
- А-380 «Ғузар –Бухара – Нөкис – Бейнеў» халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолының Қарақалпақстан Республикасы аймағынан өткен бир бөлеги бойлап жол бойы инфраструктурасын раўажландырыў, соның ишинде, саўда ҳәм сервис объектлерин жайластырыў мақсетинде:
Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң 4-қосымшаға муўапық жәми 809 гектар аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары ҳәм тоғай фонды жерлерин, соннан 85,6 гектар суўғарылатуғын жер участкаларын (кейинги орынларда – таңланған жер участкалары) елатлы пунктлердиң аўыл хожалығына мөлешерленбеген жерлери категориясына өткериў ҳаққындағы жуўмағы;
Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районы, Ақтуба МПЖ 3718қ контурдағы 2 гектар ҳәм Хожели районы, Кулаб МПЖ 59қ, 60қ, 60ақ контурдағы 3,7 гектар жер майданында шөлкемлестирилген Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары жерлериниң жайлаў жер категориясын санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да мақсетлерге мөлшерленген жерлер категориясына өзгертиў ҳаққындағы жуўмағы;
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қурылыс министрлиги, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң таңланған жер участкаларын мастер-реже тийкарында жол бойы инфраструктурасын раўажландырыў, соның ишинде, саўда ҳәм сервис объектлерин жайластырыў ушын электрон онлайн-аукцион арқалы реализациялаў ҳаққынддағы усынысы мақуллансын.
Кадастр агентлиги усы бәнтке тийкарланып жер ресурсларының жағдайы ҳаққындағы миллий есабатқа өзгерислер киргизилиўин тәмийинлесин.
Таңланған жер учаткалары аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер және тоғай фонды жерлери категориясынан шығарылыўы мүнәсибети менен есапланатуғын аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндириси набыт болыўының орнын қаплаў бойынша төлемлер, бурынғысынан басқаша тәризде өндирилмейтуғыны белгиленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси еки ай мүддетте:
Таңланған жер участкаларының белгиленген тәртипте резервке қайтарылыўы, мәмлекетлик мүлк сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи және электрон онлайн-аукционға шығарылыўын;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы исбилерменлик инфраструктураларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан жетекши жойбар шөлкемлерин тарта отырып таңланған жер участкаларының мастер-режелери ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш,Вафоев) жылдың ақырына шекем А-380 «Ғузар –Бухара – Нөкис – Бейнеў» халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолының Төрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларынан өткен бөлегин реконструкциялаўға халықаралық финанс институтларынан дәслепки есап-санақларға тийкарланып 160 миллон АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар тартылыўын тәмийинлесин.
- Министрлер Кеңеси (А.Раматов) Қурылыс министрлиги, Кадастр агентлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте еки ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасының районларында халық ушын жеке тәртиптеги турақ жайлар қурыў ушын жер участкаларын бериў ҳәм 2023-2026-жылларда көп қабатлы ҳәм жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў параметрлерин тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарын ислеп шықсын.
- Усы Пәрманның 8-бәнти «б» киши бәнтиниң үшинши абзацында ҳәм 10-бәнтиниң «г» киши бәнтинде нәзерде тутылған қағыйдалар Өзбекстан Республикасының барлық аймағына енгизиледи.
- Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси және мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманның 2-бәнти ҳәм 10-бәнтиниң «г» киши бәнтинен келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ғалаба хабар қураллары менен биргеликте турақлы түрде:
усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, Интернет тармағында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен шолып барылыўын және оның мазмун-мәниси жәмийетшиликке түсидирилиўин;
усы Пәрманға тийкарланып Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың ҳәр тәреплеме сәўлелендирилип барылыўын;
әмелге асырылып атырған илажлардың барысы ҳәм нәтийжелери ҳаққындағы қалыс ҳәм толық мағлыўматтың халыққа жеткерилиўин тәмийинлесин.
- Әдиллик министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылыққа усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ