Қазақстанның Алмаата қаласындағы Ш.Уалиханов атындағы майданда «Алмаата китап ярмаркасы» болып өтти.

Мәлимлеме ҳәм коммуникациялар агентлигиниң мағлыўматына қарағанда, бул илажға қатнасып атырған Россия, Қырғызстан мәмлекетлери, сондай-ақ, Қазақстандағы 50 ден аслам жергиликли баспа ҳәм китап саўдасы шөлкеми менен бир қатарда Өзбекстан миллий стенди де шөлкемлестирилди.

Бул стендте өзбек баспалары тәрепинен кейинги жылларда басып шығарылған ең сайланды әдебият үлгилери илаж қатнасыўшыларына ҳәм бул жерге келиўшилерге көрсетилди.

Бул китап ярмаркасы китап саўдасын раўажландырыў, баспа ҳәм китап саўдасында ерисилген кейинги жетискенликлер менен жақыннан танысыў, тараўда жүзеге келген машқалаларға өз-ара бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў арқалы шешимлер табыў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў, китапқумар ҳәм авторлар арасында тиккелей жанлы қарым-қатнас майданын жаратыў, мәдений байланысларды буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди – деди АОКАның жуўаплы хызметкери А.Жураев.

Үш күн даўам еткен китап ярмаркасында қоңсылас мәмлекетлердиң ўәкиллери және илаж қатнасыўшылары тәрепинен Өзбекстан миллий стендине, соның ишинде, көрсетилген китапларға айрықша қызығыўшылық билдирилди.

Өткерилген илаж даўамында өзбек әдебиятының сайланды үлгилерин қазақ ҳәм қырғыз тиллерине аўдарыў және басып шығарыў бойынша өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери додаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги