Японияның үлкенлиги бойынша екинши ҳәм үшинши орында туратуғын автоконцернлери — Honda ҳәм Nissan бирлесиўи мүмкин.

«Honda ва Nissan 2026-жылы бирлесиў бойынша сөйлесиўлерге кирискен», — корпорациялар басшыларының биргеликтеги баспасөз әнжуманындағы баянатынан қысқаша сөзлер келтирди агентлик. Оларға Nissan бас акция ийеси есапланған Mitsubishi Motors да қосылыўы мүмкин. Январь айының ақырында бул бойынша бир қарарға келинеди, деди компания баслығы.

«Қытай автосанаатының өсиўи ҳәм жаңа ислеп шығарыўшылардың пайда болыўы автомобиль ислеп шығарыў тараўын өзгертип жиберди», — деди Honda Motors бас директоры Тошихиро Мибе.

Honda ҳәм Nissan бирлессе, дүньяда Toyota ҳәм Volkswagenнен кейин үшинши үлкен автомобиль заводына айланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги