Т а ң л а ў

Ташкент  қаласындағы Жазыўшылар қыябанында «Үлкен әдебият байрамы» ҳәптелиги шеңберинде «Илҳам» сыйлығының жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаслар, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Абдужаппар Абдувоҳидов, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқадир Тошқулов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, халық шайыры Сирожиддин Саййид, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы Минҳожиддин Ҳожиматов жаслар тәрбиясы, руўхыйлығына итибар қаратыў мәселеси жаңаланыў процесслеринде үлкен әҳмийетке ийе болып атырғанын атап өтти.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2020-жылдың 20-май күни Жазыўшылар қыябанының ашылыў мәресимине қатнасып, бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

Әне, усы тапсырмалардан бири – Жазыўшылар қыябанында естеликлери орнатылған жазыўшы-шайырлардың өмири ҳәм дөретиўшилигин үйрениў, үгит-нәсиятын жанландырыў мақсетинде «Илҳам» сыйлығын енгизиў бойынша усыныслардан ибарат еди.

Усы тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткен жылдың өзинде Министрлер Кабинетиниң «Илҳам» сыйлығын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. «Илҳам» сыйлығы шайыр ҳәм жазыўшылардың өмири ҳәм дөретиўшилигин үйрениў, олардың шығармаларын аўдарыў, сол тийкарда изертлеўлер өткериў, кино ҳәм сахна шығармаларын жаратыў сыяқлы руўхый-ағартыўшылық, илимий-дөретиўшилик процесслерде ең жоқары нәтийжелерге ерискен жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып ҳәм жумыс ислеп атырған жасларға берилетуғыны белгиленген.

Екинши рет өткерилип атырған таңлаўдың таңлап алыў басқышы жоқары билимлендириў мәкемелери көлеминде өткерилди. Таңлап алыў басқышына барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринен он мыңнан аслам студент-жаслар, устазлар қатнасты.

«Илҳам» сыйлығы  таңлаўының республикалық басқышына 53 жоқары билимлендириў мәкемесинен 115 дөретиўшилик жумыс қабыл етилди. Соннан  3 тийкарғы ҳәм 3 хошаметлеўши сыйлық ушын жеңимпазлар таңлап алынды.

«Илҳам» сыйлығы ушын өткерилген таңлаўда биринши орынға Жәмийетлик қәўипсизлик университетиниң курсанты Шуҳратжан Муҳаммаджанов мүнәсип деп табылды. Ол Президент саўғасы – «!pa4k» автомобили, арнаўлы диплом ҳәм статуэтка менен сыйлықланды.

Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық институтының үшинши курс студенти  Ҳафиза Мухтарова «Илҳам» сыйлығының екиши орын ийеси болды. Оған 30 миллион сум ақшалай сыйлық, арнаўлы диплом ҳәм статуэтка  тапсырылды.

Үшинши орын Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң докторанты Замира Айымбетоваға нәсип етти. Ол 15 миллион сум ақшалай сыйлық, арнаўлы диплом ҳәм статуэтка менен сыйлықланды.

Хошаметлеўши сыйлық ийелерине баҳалы естелик саўғалар тапсырылды.

Таңлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы қәрежетлер Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары және юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан әмелге асырылды.

Байрам илажына ҳүкимет ағзалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, шайыр-жазыўшылар, жоқары билимлендириў мәкемелериниң жуўапкерлери, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар қатнасты.

Бул таңлаў дәстүрий тәризде ҳәр жылы өткерип барылады.

Салтанатлы илажға Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова қатнасты.

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы