Алдын хабар бергенимиздей Түркияда бокс бойынша ҳаял-қызлар арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
12-май күни Өзбекстан сайланды командасыныӊ 4 ағзасы рингке көтерилди ҳәм олардыӊ барлығы да жеӊиске еристи.
Атап айтқанда, 54 кг салмақта Нозимахон Бултурова сенегаллы Диенабу Диалло рингке шықпағаны себепли келеси басқышқа жолламаны қолға киргизген болса, 50 кг салмақта Азиза Ёқубова АҚШлы боксши Женнифер Лозаноны 5:0 есабында жеӊип шығыўға еристи.
Ал, 60 кг салмақта Моҳинабону Абдуллаева украиналы боксши Амина Абрамованы, 66 кг салмақта Навбаҳор Ҳамидова қазақстанлы Дарига Шакимованы 3:2 есабында қыйыншылық пенен жеӊип шықты.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, Дарига Шакимова Рио Олимпиадасыныӊ сыйлы орын ийеси, Азия чемпионы болып есапланады.
Бүгин Стамбулда жәҳән чемпионаты даўам етеди ҳәм онда 70 кг салмақта Хадичабону Абдуллаева австралиялы Франсис Скотт пенен ушырасады.
Буннан алдын, бул боксшимиз Кайман атаўлары боксшисин жеӊип шыққан еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы