«Ханчжоу-2022» Азия ҳәм Параазия ойынлары қалдырылды. Жаслар арасындағы «Шантоу – 2021» III Азия ойынларының өткерилиўи болса бийкар етилди. Бул ҳаққында пайтахтымызда өткен Азия Олимпиада кеңеси атқарыў комитетиниң 77-мәжилисинде жәрияланды.

Азия Олимпиада кеңесиниң 77-мәжилиси ҳәм Өзбекстан Миллий олимпиада комитети шөлкемлестирилгениниң 30 жыллық байрамына бағышланған илажда кеңес президенти ўазыйпасын атқарыўшы Ража Рандхир Сингх, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи Абдужаббор Абдувоҳидов, Спортты раўажландырыў министри Адҳам Икромов, Азия Олимпиада кеңесиниң вице-президенти Отабек Умаров, Халықаралық олимпиада комитетиниң ўәкили Оливе Луис Ниамкей ҳәм бир қатар сырт мәмлекетлердиң миллий олимпиада комитетиниң жуўапкерлери қатнасты.

Азия континентиндеги олимпиада ҳәрекети ушын әҳмийетли болған бул конференцияның елимизде өткерилгени өзине тән әҳмийетке ийе. Бул, Өзбекстанға континент олимпиада ҳәрекетиниң жоқары итибарынан дәрек береди.

Кеңестиң атқарыў комитетиниң мәжилисинде усы жылы 10-25-сентябрь күнлери «Ханчжоу – 2022» жазғы Азия ойынлары, жаслар арасында «Ташкент – 2025» IV Азия ойынларына таярлық, спорт түрлери бағдарламасы сыяқлы мәселелер додаланды.

Мәжилис даўамында Азия Олимпиада кеңеси президенти ўазыйпасын атқарыўшы Ража Рандхир Сингх ҳәм АОК бас директоры, Халықаралық жүзиў федерациясы (FINA) президенти Ҳусайн ал-Мусалламға Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң 30 жыллығына бағышлап шөлкемлестирилген орден салтанатлы түрде тапсырылды.

Конференция даўамында бағдарлама бойынша «Ханчжоу-2022» шөлкемлестириў комитетиниң есабаты тыңланды.

Қытай Олимпиада комитети ўәкиллериниң онлайн есабатында мәмлекеттеги COVID-19 ға байланыслы қыйын эпидемиологиялық жағдай себепли төрт жыллықтың абырайлы жарысы болған «Ханчжоу – 2022» жазғы Азия ойынларын бир жылға кешиктириў ҳәм жаслар арасындағы «Шантоу – 2021» III континент ойынларын бийкарлаў мәселеси додаланды ҳәм билдирилген пикирлер тийкарында тастыйықланды.

Мәжилис даўамында 2025-жылы Ташкентте өткерилиўи белгиленген жаслар арасындағы Азия ойынларына мөлшерлеп қурылыўы режелестирилген Олимпиада қалашасының макети қатнасыўшыларға көрсетилди.

Қалаша пайтахтымыздың Яшнабад районында қурылатуғынын атап өтиў керек. Халықаралық талапларға жуўап беретуғын спорт комплекслери, универсал стадион, ашық ҳәм жабық көринистеги спорт комплекслери, турақ жайлар, мийманханалар, Шыршық дәрьясы жағасында ескек есиў комплексинен ибарат инфраструктураны қамтып алатуғын Олимпиада қалашасы 160 гектар майданда бой тиклейди.

Бул бийтәкирар комплекс Азия Олимпиада кеңеси атқарыў комитетиниң ағзалары ҳәм континентимиздиң бир неше мәмлекетлеринен елимизге келген миллий олимпиада комитети жуўапкерлери менен қәнигелеринде унамлы тәсир қалдырды.

Сондай-ақ, мәжилис даўамында Азия континентинде олимпиада ҳәрекетиниң бүгинги жағдайы, Азия Олимпиада кеңесиниң келеси режелери, енгизилип атырған жойбарлар кеңнен додаланды.

Тўлқин РЎЗИЕВ,

ӨзАның хабаршысы